Шәпик қоллы жас теримшилер хошаметленди

105

Ҳәзирги күнлери республикамыздағы пахташылыққа қәнигелескен кластерлер ҳәм фермер хожалықлары атызларында пахта жыйын-терими жумыслары қызғын алып барылмақта. Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жумысларға аймақларда жасаўшы жәмлеспеген жаслар да белсене қатнаспақта.

Әлбетте, олардың ислеген бул хызметлери республика ҳүкимети ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен инабатқа алынып, шәпик қоллы алдынғы теримшилер өз ўақтында хошаметленип барылмақта.

Қараөзек районы Қуралпа аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Байбура» фермер хожалығында жәмлеспеген  жаслар арасында пахта териў бойынша жарыс шөлкемлестирилди. Бир күн даўамында өткерилген жарыс жуўмағында, биринши орынды 238 кг пахта терген Жүзимгүл Еримбетова жеңип алыўға еристи.

Екинши орын 208 кг пахта терген Гулайша Мусабековаға, үшинши орын 181 кг пахта терген Ерсултан Муртазаевқа несип етти.

Жарыс соңында Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов, район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм район прокуроры Б. Аберкуловлар жасларға ҳармасын айтып, оларға район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.

Илаж даўамында пахта теримине жәрдемге келген теримшилерге Қараөзек районлық Мәденият бөлиминиң таярлаған йошлы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Бундай илажлар республикамыз бойлап даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы