Терим мапазы шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта

Халқымыздың байлығы болған ақ алтынды сепситпей, жаўын-шашынға қалдырмай терип жыйнап алыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы есапланады. Ерте бәҳәрден баслап, жаздың ыссысы демей мийнетин шеккен фермер хожалығы ағзалары бул әҳмийетли ўазыйпаны жеделлик пенен алып барып, белгиленген жобаны орынлап, елимиздиң ақ алтын қырманына үлес қосыўды өзлериниң әдиўли миннети деп биледи. Әйне пайытта елимиздиң барлық орынларында пахта жыйын терим ислери даўам етпекте.
Тақыятас районы “Найманкөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан фермер хожалықларында да 2025-жылғы пахта терими мәўсими жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте. Бул мапазда үйинде бос отырған жумыссыз пуқаралар ушын жыйын- терим мапазы ҳақыйқый мийнет ҳәм дәрамат мәўсимине айналмақта. Аўыл белсендилери ҳәм белсенди теримшилер тәрепинен терим жумысларына салмақлы үлес қосылмақта.
-Үй бийкеси болып үйде отырған едим. Пахта жыйым терими басланғанлы берли мапазға қатнасып атырман. Фермер тәрепинен жақсы шараятлар жаратылған. Мийнет ҳақымызға пахтаның килограммына еки мың сумнан төлеп берип атыр. Күнине жүз килограммнан аслам пахта терип атырман,-дейди найманкөлли Базаргүл Шамуратова.
Райондағы мәкән ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары пахта жыйын-теримине белсене қатнасып атырған аўыл мийнеткешлерине ҳармасын айтып, пахта теримине өз үлесин қоспақта. Сондай-ақ, жақсы теримшилер хошаметленип барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги