Хошамет устазларды ийгиликли ислерге умтылдырмақта

Тахтакөпир районындағы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектеби аймақтағы ең үлгили оқыў дәргайларының бири болып, мектепке тәжирийбели педагог «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириўиниң ағласы» Қатшахан Баймурзаева басшылық етип келмекте.
Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйыны орайында жайласқан мектепте бүгинги күни 450 оқыўшы оқып билим алмақта. Оларға өз кәсибиниң маманы болған 51 муғаллим сабақ бермекте. Оқыў орнында оқыўшылардың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген.
-Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёев тәрепинен билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўдың нәтийжесинде, аўыллық жерлердеги мектеплерде де қаладағыдай шараятлар жаратылып, бул оқыўшылар менен бирге педагог-хызметкерлерге де кең имканиятлар жаратып бермекте,-дейди Қатшахан Баймурзаева.-Әсиресе, муғаллимлеримиздиң пахта жыйын-терими ҳәм басқа да жәмийетлик жумыслардан азат етилиўи, олардың өзлериниң үстинде еле де көбирек излениўине мүмкиншилик жаратты. Буның нәтийжесинде, мектебимиз муғаллимлериниң билим ҳәм ис-тәжирийбеси артып, оқыўшылары пәнлер олимпиадасы, ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм спорт жарысларында жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте. Әлбетте, муғаллимлердиң ислеген бул мийнетлери елимиз басшылары ҳәм министрлик тәрепинен өз ўақтында хошаметленип, олардың айырымларының айлық мийнет ҳақылары Президентимиз айтқанындай 1000 АҚШ долларына жетпекте.
-1999-жылдан берли усы мектепте қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен оқыўшыларға сабақ берип келмектемен,-дейди мектептеги усындай үлгили муғаллимлердиң бири Гүлшад Омарова.-2021-жылы Манзура Мамбетназарова атлы оқыўшым 11-класс оқыўшылары арасында өткерилген пәнлер олимпиадасының Өзбекстан Республикасы басқышында 3-орынды ийелеген болса, 2022-жылы Дилфуза Еримбетова деген оқыўшым районда жеңимпазлықты қолға киргизип, республикалық басқышқа мүнәсип түрде қатнасып қайтты. Мениң өзим де мектепти питкеретуғын жылы ҳәзир университетте оқытыўшы болып ислейтуғын әдиўли устазым Қонысбай Юсуповтың маған берген билиминиң арқасында, оқыўшылар арасында өткерилген пәнлер олимпиадасында Қарақалпақстанда 1-орынды ийелеўге миясар болған едим. Бүгинги күни сол устазымнан алған билимлеримди жас әўладқа жалықпастан үйретип киятырман. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы «Инталы жасларды анықлаў ҳәм жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаўдың үзиликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында хошаметленип, ҳәзирги ўақытта мектептен 13-14 млн сум айлық мийнет ҳақы алып жүрмен. Буның ушын ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёевқа үлкен рахмет айтаман.
Ҳақыйқатында да, ислеген мийнетиңниң жемисин көргенге не жетсин. Көксин «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириўиниң ағласы» ҳәм «Ибратлы ҳаял» көкирек белгилери безеген Гүлшад Омарованы өзлерине үлги тутып, сондай үлгили устаз болыўды нийет еткен муғаллимлер мектепте көпшиликти қурайды. Олардың арасында инлис тили пәни муғаллимлери Гүлжәҳән Турғанбаева, Гүлназ Мырзаханова, баслаўыш класс муғаллими Бийбигүл Турдымуратова, тарийх пәни муғаллими Наргиза Жақсылықова, дене тәрбиясы пәни муғаллими Байрам Ембергенов, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Айнура Рейимбаевларды айтып өтсек болады.

-2024-жылдың биринши мәўсиминде «Ашық бюджет» порталынан 1 млрд 350 млн сум утып алып, оған мектебимиз қасынан жасыл қапламалы, үсти бастырмалы футбол майданшасын қурғыздық,-дейди Қ.Баймурзаева.-Ал, екинши мәўсимде болса, 1 млрд 350 млн сум жеңип алып, мектебимиз қасынан заманагөй кәсип-өнерге үйретиў орайының жаңа имаратын қурыўға еристик. Сондай-ақ, усы қаржы есабынан балалар ушын спорт пенен шуғылланыў майданшасы қурылып, 16 видеокамера сатып алынды.
Әне, өзлерине жаратылған қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған мектеп жәмәәтиниң алға қойған мақсетлери оғада көп. Ҳәзирги күнлери олар бул ийгиликли ислерди әмелге асырыў ушын пидайылық пенен жумыс алып бармақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы