Парацетамол аутизмге себеп бола ма?

АҚШ ҳүкимети, баласында аутизм қәўпи пайда болыўы себепли ҳәмиледар ҳаялларды асетаминофен (парацетамол) қабыл етиўден ескертиўди режелестирмекте, деп хабар берди “Washington Post” газетасы.
Рәсмийлер август айында “Маунт-Синай” медициналық комплекси Гарвард университети менен биргеликте өткерген изертлеў нәтийжесин көрип шықпақта. Бул жуўмақ ҳәмиледарлықтың ерте дәўиринде парацетамол қурамындағы тийкарғы қурал – Тайленол қабыл етиў ҳәм туўылажақ перзентте аутизм қәўпи артыўы арасында байланыс бар екенлигин көрсеткен.
– Федераль денсаўлықты сақлаў уйымы температурасы көтерилмесе, ҳәмиледарлық басында Тайленол қабылламаўды усыныс етпекте, – деп жазған басылым.
Буннан тысқары аутизмди исенимли емлеў қуралы сыпатында еле ғалаба болмаған Лейковорин дәри қуралын үгит-нәсиятлаўды режелестирмекте.
Май айында Трамп АҚШ балаларының 40 проценти кеминде бир созылмалы кеселликтен қыйналып атырғаны, аутизм болса ҳәр 31 нәрестеден биреўинде анықланып атырғанын атап өткен еди.
Бир неше он жыллар алдын мәмлекетте бул көрсеткиш ҳәр 10 000 адамға биреўден туўра келетуғын еди.
С.Раҳимов, ӨзА