Электр энергиясы есаплағышларын орнатыў бойынша қай жерге мүрәжат етиў керек?

Ҳуқықый мүнәсибет
Электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин (есаплағышларын) шешиў, салыстырыўдан өткериў ҳәм орнатыў бойынша кимге ямаса қай жерге мүрәжат етиў керек?
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының баслығы Отабек Нарзиев бул бойынша төмендегилерди мәлим етти:
-Электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суўды есапқа алыў үскенелерин шешиў, салыстырыўдан өткериў ҳәм орнатыў бойынша бир айнаға арза қалдырыў керек. Буннан кейин арза Аймақлық электр тармақларына жибериледи ҳәм олар орнатып береди.
Бул төмендеги басқышларда әмелге асырылады. Соның ишинде, электр энергиясын есапқа алыў үскенесин шешиў, салыстырыўдан өткериў ҳәм орнатыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етиўи ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында дизимнен өтиўи мүмкин.
Мәмлекетлик хызметлер орайы тәбийғый газди есапқа алыў үскенесин шешиў, салыстырыўдан өткериў ҳәм орнатыў ушын сораўнаманы салыстырыўдан өткериў ушын метрология хызметине жибереди.
Талабан менен келисилген ўақытта сораўнамада көрсетилген мәнзилге барып, есапқа алыў үскенесин орнатып бериў ҳәм үш нусқада тийисли акт дүзген ҳалда пломбалаў, акттиң бир нусқасын талабанда қалдырыў мүмкин.
Хызмет көрсетиў жуўмақланғаны ҳаққында хабардар етиў ушын есапқа алыў үскенеси орнатылғаны ҳаққындағы акт Мәмлекетлик хызметлер орайларына жибериледи.
Гулноза Бобоева, ӨзА