Сәлем Қоқанд, сәлем фестиваль! (+видео)

114

Қоқанд дүнья өнерментшилигиниң пайтахтына айланды, 70 мәмлекеттен келген  278 сырт елли ҳәм республикамыздың түрли ўәлаятларынан мыңға шамалас өнерментлер Қоқандта өтип атырған III Халықаралық өнерментшилик фестивалы ҳәм Халықаралық гүлалшылық форумында қатнаспақта.

Сондай-ақ, әнжуманда халықаралық дәрежедеги изертлеўшилер, илимпазлар, дизайнерлер ҳәм әмелий тараўдағы қәнигелер қатнаспақта. Халықаралық баспасөз орайы арқалы 50 ден аслам журналист ҳәм блогер илажды сәўлелендирип бармақта.

Бүгин қаланың орайлық көшесиниң басына орнатылған символикалық дәрўаза алдында фестивальдың символикалық лентасы кесилди ҳәм кернай-сурнай намалары астында қатнасыўшылар қалаға кирип келди. Олардың арасында бийбаҳа өнер сырларын әўладтан-әўладқа жеткерип киятырған шебер усталар, өнерментшилик илимин жүзеге шығарған илимпазлар, қолы гүл дизайнерлер, өнерментшилик өнимлериниң менеджерлерине шекем бар еди.

– Мен Австриядан келдим. Кәсибим қуўыршақлар соғыў ҳәм олар ушын кийим тигиў. Онда мен тарийхый шығарма қаҳарманлары, заманагөй кийим дизайнлеринен үлги аламан, – дейди Патрик Селватор. – Қоқанд, Өзбекстан маған жүдә унады. Өнерментти усындай қәдирлейтуғын журтты көрмеген едим. Оғада таң қалып турман. Айтпақшы, Австрия павильонына келиң, мениң қуўыршақларымды көриң.

– Биз Белорусьтан келдик. Жеке өзим Қоқанд фестивалында екинши мәрте қатнасып атырман, – дейди өзин тоқыўшы деп таныстырған Марина Гушо. – Тәсирлерим шексиз. Өзбекстан дүнья өнерментшилигиниң раўажланыўына жүдә үлкен үлес қоспақта. Бундай фестивальлар беларусь өнерментшилиги халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўине де себеп болмақта.

III Халықаралық өнерментшилик фестивалының және бир өзине тән тәрепи сонда, бул рет имканияты шекленген өнерментлер де басқа кәсиплеслери қатарында теңдей қатнаспақта.

– Мен Қашқадәрьядан келдим, – дейди Маҳлиё Йўлдошева. – Ҳеш қашан халықаралық фестивальларда қол мийнетим үлгилери менен қатнасаман деп ойламаған едим. Президентимизден шексиз миннетдарман. Олар себепли майыплардың қәдди тикленди. Мәселен, мениң арзымайтуғын хызметимди жоқары баҳалап “Шуҳрат” медалы менен сыйлықлады. Фестивальға басқа мәмлекет өнерментлериниң өниминен кем болмаған қол жумысларымды алып келгенмен.

Орда майданының етегинде мыңлаған өнерментлерди Ферғана ўәлаятының ҳәкими Хайрулло Бозоров қутлықлады.

Дүнья өнерментлер кеңесиниң баслығы Саад ал Қаддуми Өзбекстан халқына ҳәм оның Президентине үшинши мәрте дүнья өнерментлерин жыйнап, өз-ара тәжирийбе алмасыў, жетискенликлерин көрсетиў ушын жаратқан шараятлар ушын миннетдаршылық билдирди.

Буннан соң быйыл қурып питкерилген дүнья өнерментлери көргизбесине киреберистеги “Хоқанды ләтиф” деп аталған арк ҳәм көргизбе саўда орынлары ашылды. Фестиваль қатнасыўшылары ҳәм Қоқанд халқы оның биринши тамашагөйи болды. Бул жерден 70 мәмлекеттиң усталары ҳәм елимиздиң өнерментлери соққан, тоқыған, ислеп шығарған өнимлер орын алған.

Фестивальдың биринши күни тарийхый ўақыя жүз берди.

Қоқанд қаласының орайындағы Уламалар музейи рәсмий түрде Халықаралық өнерментлер музейи статусын алды ҳәм оған дүнья өнерментшилигин раўажландырыўға үлкен үлес қосқан ғайраткер, изертлеўши ҳәм зиялы ханым Ғада Ҳижжавий-Қаддумидиң исим берилди.

Ғада Ҳижжаўий-Қаддумидиң исми дүнья өнерментлери ушын қәдирли. Ол пүткил өмирин халық талантын жүзеге шығарыў, өнерментшиликти раўажландырып көркем өнер дәрежесин алыўы ҳәм уста-шебер усталарды  қоллап-қуўатлаўға бағышлаған еди. Қоқанд I Халықаралық өнерментшилик фестивалының шөлкемлестириўшилеринен бири де Ғада ханым болған. Әттең, бүгин ол арамызда жоқ. Бирақ оның ислеген жумыслары мүнәсип баҳаланбақта.

– Мен анамның әпиўайы жумысына бундай жоқары баҳа берилиўин күтпеген едим, – дейди Ғада ханымның улы, Дүнья өнерментлер кеңесиниң баслығы Саад ал Қаддуми. – Анам Өзбекстан ҳаққында бәрқулла жоқары ҳүрмет пенен айтып беретуғын еди. Оның халқы талантлы, Президенти болса халықшыл басшы, дер еди. Өнерментлер музейине анамның аты берилиўи мен ушын да оғада үлкен жуўапкершилик жүклейди. Енди күшиме күш қосып ислеймен.

Музей статусы турақлы жумыс алып баратуғын етип белгиленди. Фестиваль қатнасыўшысы болған өнерментлер өзлериниң 600 ден аслам өнимлерин музейде көрсетиў ушын бийғәрез саўға етти.

– Мен Ғада Ҳижжаўий-Қаддуми ханым менен 2019-жылы Қоқанд I халықаралық өнерментшилик фестивалында танысқан едим. Әлбетте, Ғада ханым дүнья өнерментшилигиниң раўажланыўына оғада үлкен үлес қосқан, – дейди Россия ўәкили башқуртстанлы Гўзал Каримова.

Сол күни Өзбекстан өнерментшилигиниң дәстүрлери ҳәм раўажланыўы ҳаққында толық мағлыўмат беретуғын “Өзбекстан өнерментшилиги” китап-альбомы да таныстырылды. Бул басылымда елимизде әсирлер даўамында қәлиплескен өнерментшилик мектеплери, уста-шәкирт дәстүрлери, түрли аймақлардағы көркем усыллар ҳәм заманагөй раўажланыў тенденциялары ҳаққында бай мағлыўматлар өз көринисин тапқан.

Китаптың презентациясында шығып сөйлеген Ферғана ўәлаятының ҳәкими Хайрулло Бозоров бундай китап-альбомлар халықтың мың жыллар даўамында арттырған тәжирийбеси ҳәм шеберлигин тарийхқа мөрлейди, деди. Дүнья өнерментлер кеңесиниң баслығы Саад ал Қаддуми “Өзбекстан өнерментшилиги” китабы басқа тиллерге де аўдарылатуғынын ҳәм дүнья мәмлекетлери өнерментлери ушын пайдалы екенин айрықша атап өтти.

Буннан кейин пакистанлы кинодөретиўшилер дөреткен ағаш оймакерлигине бағышланған фильм көрсетилди.

Фестивальдың әҳмийетли ўақыяларынан бири илимий-әмелий конференция болды.

Қоқанд мәмлекетлик музыкалы драма театрында “Өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнерин раўажландырыў перспективалары” атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция жумыс баслады. Онда Франция, Австрия, Иран, Россия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстаннан 38 қәниге қатнаспақта. Бул конференцияда жойтылып баратырған дәстүрий өнер түрлерин қәстерлеп сақлаў, оларды заманагөй шараятта қайта талқылаў, музей экспонатларын сақлаў ҳәм туризм потенциалын арттырыў мәселелери додаланбақта.

Ҳәммениң тилинде бир гәп: сәлем Қоқанд, сәлем фестиваль!

Муҳаммаджон ОБИДОВ,

ӨзА