Демократиялық раўажланыўда пуқаралық жәмийетиниң орны

120

Пайтахтымызда “Өзбекстанның демократиялық раўажланыўында пуқаралық жәмийетиниң орны: глобал шақырықлар ҳәм перспективалар” атамасында халықаралық конференция болып өтти.

Конференция Демократиялық процесслерди таллаў орайы тәрепинен 15-сентябрь – Халықаралық демократия күни мүнәсибети менен БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасы, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ), сондай-ақ, “Юксалиш” ҳәрекети, “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң миллий ассоциациясы менен биргеликте шөлкемлестирилди. Онда Швейцария, Польша, Япония, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердеги “ақыл орайлары”нан келген халықаралық экспертлер, мәмлекетимиздеги бир қатар пуқаралық жәмийети, илимий-изертлеў институтлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери, қәнигелер қатнасты.

Илажды Демократиялық процесслерди таллаў орайының директоры Азамат Пардаев кирис сөз бенен ашып, мәмлекетимизде пуқаралық жәмийети институтларының жумысын раўажландырыў, қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ҳәрекетлерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда пуқаралық жәмийети институтлары, МКШлардың жәмийеттеги орны артып бармақта. Пуқаралық жәмийети институтлары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық реформаларда, стратегиялық мақсетлерге ерисиў процесинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге шын мәнисинде жәрдемши болып, жәмийет ҳәм мәмлекетти байланыстырыўшы социаллық көпир ўазыйпасын атқармақта.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң еркин жумыс алып барыўы ушын ҳуқықый тийкарлар беккемленди. Бул бағдарда “Өзбекстан – 2030” стратегиясында айрықша ўазыйпалар белгиленген, жаңаланған Конституцияда бул институтқа өз алдына бап ажыратылып, конституциялық статус берилди.

Бүгинги күнде Өзбекстанда 30 мыңға шамалас пуқаралық жәмийети институтлары жумыс алып бармақта ҳәм оларда 150 мыңнан аслам пуқара мийнет етпекте.

Конференцияда халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, экспертлер, сырт мәмлекетлерден келген қәнигелер пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекеттиң раўажланыўындағы, демократиялық процесслердеги орны, қатнасының әҳмийети ҳаққында пикир билдирип, бул бағдарда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин кеңнен атап өтти.

Атап айтқанда, БМШтың Өзбекстандағы турақлы ўәкили Сабине Махл ханым Өзбекстанда МКШларды раўажландырыў бағдарындағы реформалар нәтийжесинде әҳмийетли нәтийжелерге ерисилип атырғанын атап өтти:

– Өзбекстанда пуқаралық жәмийети институтларының жумысында ҳуқықый прогресс бақланбақта. Соның ишинде, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қайта дизимнен өткериў ҳәм белгилерин дизимге алыў мүддети 1 айдан 15 күнге қысқартылды. Президент Шавкат Мирзиёев те өзиниң шығып сөйлеген сөзлеринде пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетлик басқарыўдағы орнына айрықша итибар қаратады. Бүгинги күнде Өзбекстанда белсенди пуқаралық жәмийети институтлары көбеймекте. “Өзбекстан – 2030” стратегиясын әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының белсендилиги артпақта. Олардың жумысына араласпаў, тосқынлық етпеў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисилмекте. Социаллық хызметлер көрсетиў, халықтың мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыс үлкен әҳмийетке ийе. Пуқаралық жәмийети институтларының жумысында инклюзивликти және де кеңейтиў зәрүр. БМШ жәмәәти Өзбекстанның МКШ бағдарында өзине алған ўазыйпаларды орынлаўда жәрдем бериўге бәрқулла таяр.

Сондай-ақ, конференцияда шығып сөйлеген БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкилиниң орынбасары Анас Файяд Қарман бундай көлемдеги илаж Орайлық Азия бойынша биринши мәрте Өзбекстанда өткерилип атырғанын айрықша атап өтти:

– Бүгинги күнде демократиялық процесслерди күшейтиў тек ғана Өзбекстан емес, ал Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе. Бул халықаралық конференция да мине усы процесслерди және де беккемлеўге хызмет етеди. Өзбекстанда кейинги жылларда демократиялық реформалар жолында үлкен қәдемлер тасланбақта, бул процесслер “Өзбекстан – 2030” стратегиясында айрықша белгиленген. Мәмлекетте МКШлардың жумысы жедел раўажланбақта. Пуқаралық жәмийети институтлары арасында инклюзивликти арттырыў, социаллық инновациялар системасын жаратыў ҳәм енгизиўде халықаралық бирге ислесиў үлкен әҳмийетке ийе. Бизге белгили, бүгинги санластырыў процесслери жәмийетлерди бирлестириўден көре көбирек тарқалыўға себеп болмақта. Бизиң тийкарғы мақсетимиз демократиялық процесслердиң әмелий нәтийжесин жәмийетлик  турмыста көрсетиў ҳәм оның турақлы раўажланыў процесслерине хызмет етиўине ерисиўден ибарат.

Әнжуманда “Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков “Халық пенен пикирлесиў” принципи Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўдың күнделикли стандартына айланғанын, пуқараларға мәмлекет пенен тиккелей пикирлесиў, қарар қабыл етиў процесслерине тәсир өткериў ҳәм нәтийжени қадағалаў имканияты берилип атырғанын атап өтти. Бул процессте ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди әмелде тәмийинлеў бағдарында ҒХҚ, блогерлер ҳәм социаллық тармақ белсендилериниң қатнасыўы кеңейип атырғаны, интернетке  қамтып алыў 2017-2024-жылларда 48,7 проценттен 93,3 процентке шекем артқанын атап өтти.




Додалаўларда қатнасыўшылар мәмлекетте МКШларды раўажландырыў, пуқаралық жәмийети институтларының бағдарлама ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаў, демократиялық процесслердеги қатнасын кеңейтиў, олардың финанслық еркинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған ҳәрекетлерди айрықша атап өтти. Сырт мәмлекетлердиң бул бағдардағы тәжирийбелери бойынша пикирлер билдирилди.

Бул халықаралық әнжуман демократия ҳәм пуқаралық жәмийетин күшейтиўде жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери ушын кеңнен сөйлесиў платформасы, өз-ара тәжирийбе алмасыў майданы болды.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзА