Берунийли бағманның табыслары

142

Беруний районы О. Жуманиязов мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Жуманиязов 67»  фермер хожалығы бағшылыққа қәнигелескен болып, улыўма 8,7 гектар жер майданына ийе.

Соннан 4 гектарына ерик, 3 гектарына алма ҳәм 1,5 гектарына әнар егилген.

Фермер жожалығы баслығы Рустам Хажибоевтиң атап өтиўинше, хожалықта тийкарынан әнардың 6 түри егилген болып, олардың ҳәр бир гектарынан орташа 25-30 тоннаға шекем өним алынбақта. Бул болса, хожалыққа жылына 450-500 миллион сом дәрамат алып келмекте.

-Бағымызда жетистирген әнарларымыздың ҳәр килограммын 15 мың сумнан көтере сатып алмақта,-дейди фермер Рустам Хажибоев.-Егер, ҳәр бир хожалық 200 түп әнар егип тәрбияласа, онда жетистирилген өним менен бир шаңарақты қыйналмастан тәмийинлеў мүмкин.

Фермер хожалығында бүгинги күни 10 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленип, мийўе терими ҳәм нәллерди көмиў мәўсиминде күнине 20-30 адам мәўсимлик жумыс ислеп атыр.

Ҳәзирги күнлери хожалық атызларында писип жетилген әнарларды Қарақалпақстанның барлық аймақларынан келип, көтере түрде сатып алып кетпекте.

«Мийнет түби-рәҳәт» деген усы болса, керек.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы