Муғаллимлердиң жәмийеттеги статусы жоқарылап бармақта

169

Жасырарлығы жоқ, соңғы жыллары республикамызда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында жүргизилилген кең көлемдеги реформалар нәтийжесинде, халық хожалығының барлық тараўлары сыяқлы билимлендириў тараўында да үлкен өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Республикамыздың қала ҳәм аўылларында жаңа билимлендириў шөлкемлери бой тиклеп, ескилерине капитал оңлаў жумыслары жүргизилди ҳәм олардың материаллық-техникалық базасы жаңаланды.

Тахтакөпир районындағы қәнигелестирилген мектеп те усындай жаңадан жумыс баслаған оқыў орынларының бири болып, мектеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 14-апрельдеги Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген. Бүгинги күни бул оқыў дәргайында анық ҳәм тәбийғый пәнлер бағдары бойынша 317 оқыўшы билим алмақта.

-Мектебимизде оқыўшылардың заман талабына сай оқып билим алыўы ушын, барлық қолайлы шараятлар жаратылған,-дейди Шийрин Бердиева.-Оларға өз қәнигеликлериниң маманы болған 38 муғаллим сабақ бермекте.

-2020-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын математика қәнигелиги бойынша питкерип, Тахтакөпир районындағы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде муғаллим болып иследим,-дейди Шахноза Тулибаева.-Ҳәзирги ўақытта Тахтакөпир районындағы қәнигелестирилген мектепте оқыўшыларға математика пәни бойынша сабақ берип келмектемен. Ҳүрметли Президентимиздиң муғаллимлерге көрсетип атырған аталарша ғамқорлығы ҳәм қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде, педагоглардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын мектебимизде барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген. Оқыў ханаларымыз сабақ өтиўимиз ушын ең заманагөй зәрүрли қураллар менен тәмийинленип, оқыўшыларға сапалы билим берип келмектемиз. Ҳәзирги ўақытта мийнет ҳақыларымыз да көбейип, айына 10-11млн сумнан айлық алып атырмыз. Буның ушын елимиз Президенти Ш.Мирзиёевқа үлкен рахмет айтамыз.

-Мектебимизде өзлериниң пәнлери бойынша миллий ҳәм халықаралық сертификатларға ийе муғаллимлер баршылық,-дейди мектеп директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Нурлепес Жубанышов.-Атап айтқанда, биология пәни муғаллими Бахытгүл Талханбаева, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Айша Кемалова, физика пәни Абдишерип Бектемиров, математика пәни муғаллими Руслан Сайымбетовлар 12-13 млн сумнан айлық алмақта. Бул муғаллимлеримизге айрықша күш-жигер бағышлап, оларды ийгиликли мақсетлерге қарай умтылдырмақта.



Әлбетте, муғаллимлерге көрсетилип атырған бундай жоқары ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаў өзиниң унамлы жемисин берип, мектеп оқыўшылары район ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын пәнлер олимпиадасы ҳәм таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы