Экология мәселелеринде жаслардың белсендилиги артпақта

126

Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми тәрепинен сентябрь-октябрь айларында «Экология ҳәм жаслар» айлығы жәрияланып, орынларда усы айлық шеңберинде илажлар өткерилмекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Экологиялық әдетлер турмысты өзгертеди» атамасында өткерилген семинарда жаслардың тәбият пенен қарым-қатнасы, олардың басламалары ҳәм белсендилиги ҳаққында кең түрде пикир алысылды.

Семинар даўамында экологиялық машқалаларды шешиўде жаслардың белсендилигин арттырыў, экологиялық басламаларын алға қойыў ҳәм оларды әмелий жойбарлар арқалы қоллап-қуўатлаў, экологиялық әдетлердиң күнделикли турмыстағы орны мәселелери талқыланды.

– Семинардың мақсети жасларымызды тәбиятқа итибарсыз болмаўға, оны жасылландырыўға өзиниң үлесин қосыўы мүмкин екенлигин аңлаўға шақырыўдан ибарат, -дейди «Экология ҳәм саламатлық» ҳаял-қызлар клубы кеңесиниң баслығы Айдана Абдирахманова. – Егер жасларымыз қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаўға бел байласа, ертеңги күнимиз және де саламат болып, елимиз гүллеп-жаснайды.

Сондай-ақ, илаж даўамында студент-жасларға экологиялық нызамшылықтағы соңғы жаңалықлар, депутатлардың миннетлери ҳәм жергиликли дәрежедеги басламаларды қоллап-қуўатлаўдағы роли ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.

Семинарда қатнасыўшылар экологиялық жуўапкершиликти терең аңлаў, жасыл аймақларды кеңейтиў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм пуқаралық жәмийетинде белсене қатнасыў бағдарында терең түсиникке ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги