Билимлендириў тараўындағы реформалардың нәтийжелилиги додаланды

106

Соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёевтиң билимлендириў тараўына болған айрықша итибары нәтийжесинде тараўда көплеген унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта.

Елимизде Мектепке шекемги билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў, келешегимиз болған перзентлеримизге сапалы тәлим-тәрбия бериў, устаз ҳәм муғаллимлерди ҳүрмет етиў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып келмекте.

Соның ишинде, бүгинги күни балаларды бақшаларға қамтып алыў көрсеткиши 2017-жылға салыстырғанда 27 проценттен 84 процентке жеткерилгени, бул тараўда басқышпа-басқыш унамлы  нәтийжелерге ерисилип атырғанынан дәрек береди. Республикамыз аймақларында жаңа мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақшалардың шөлкемлестирилиўи, балалар ушын қолайлы шараятлардың жаратылыўы бул бағдарда үлкен өзгерислерге себеп болмақта.

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы М.Атамуратовтың қатнасыўында республикамыздағы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң басшылары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда тараўда ушырасып атырған кемшиликлер де ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Атап айтқанда, өзлеринде бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланбай атырған, тәлим-тәрбия процесине немқурайдылық пенен қатнас жасап атырған айырым басшылардың жумысы кескин сынға алынып,  келешек әўладқа тәлим-тәрбия бериўдей жуўапкершиликли ўазыйпаға итибарсызлық пенен қараў мүмкин емес екенлиги айрықша атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында жуўапкерлерге тараўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, басшылардың жуўапкершилигин күшейтиў, билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги