Тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси басламасы менен республикамызда партияның жумысын буннан былай да жанландырыў, депутатлардың ўәкилликлеринен нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде ушырасыў өткерилди.
Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партияның фракция ағзалары, партия Орайлық Кеңесиниң ўәкиллери, жергиликли Кеңеслерге партиядан сайланған депутатлар қатнасты.
Онда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси баслығының орынбасары Феруза Муҳамеджанова, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Улықбек Жалменовлар шығып сөйлеп, депутатлар тәрепинен 2025-жылдың сегиз айы даўамында әмелге асырылған жумысларды сын көзқарастан көрип шықты ҳәм 2025-2029-жылларға мөлшерленген партияның Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша пикир алысты.
Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер партия шөлкемлери тәрепинен аймақта әмелге асырылып атырған жумысларға, жетискенлик ҳәм кемшиликлерге итибар қаратып, партияның бағдарламадағы мақсет ҳәм ўазыйпаларын жүзеге шығарыў, депутатлар тәрепинен еле толық пайдаланылмай атырған имканиятларды анықлаў, сайлаўшылар ҳәм электорат мәплерин қорғаў сыяқлы мәселелер бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Атап айтқанда, Феруза Муҳамеджанова өзиниң шығып сөйлеген сөзинде «Бүгинги күни сайлаўшыларды әпиўайы есабат ямаса қурғақ ўәделер менен исендирип болмайды. Сиясий санасы ҳәм ой-пикири барған сайын жоқарылап баратырған халық депутатлардан әмелий жумыслар ҳәм анық басламалар күтеди. Соның ушын ҳәр бир халық ўәкили өзиниң депутатлық статусына мүнәсип түрде, үлкен жуўапкершилик пенен жумыс алып барыўы зәрүр,»- деп атап өтти. Сондай-ақ, ол жергиликли ўәкилликли уйымлардағы партия топарлары ҳәм депутатларды өз ўәкилликлеринен нәтийжели пайдаланыўға, сайлаўшылар менен турақлы қарым-қатнас орнатыў ҳәм партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда интакерликти буннан былай да арттырыўға шақырды.
Ушырасыўда депутатлар тәрепинен партияның бағдарламалық ўазыйпаларын және де нәтийжели әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирилди. Атап айтқанда, жаслар менен ислесиў, өнерментшиликти раўажландырыў, миллий қәдириятлар ҳәм тарийхый мийрас объектлерин қәстерлеп сақлаў, билимлендириў ҳәм руўхыйлық тараўындағы бир қатар жойбарлар додаланды.

Илаж жуўмағында нәтийжели жумыс алып барған бир қатар депутатлар партияның Орайлық Кеңеси тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы