Елликқалада жүзимгершилик раўажланбақта

Елликқала районы Әмирабад аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Улли замин мевалари” фермер хожалығы 10 гектар жер майданында бағшылық пенен шуғылланбақта.
Атап айтқанда, хожалықта 3 гектар алма, 4 гектар ерик ҳәм 3 гектар жүзимниң тайпы сортлары егилген болып, бүгинги күни жүзимлерден гектарынан орташа 30 тоннаға шекем өним алынбақта. Жетистирилген өнимлер Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлерине экспорт етилип атырғаны, бул тараўдың экспорт потенциалы жоқары екенинен дәрек береди.
Фермер хожалығының басшысы Лазизбек Ҳасановтың атап өтиўинше, аўыл хожалығын модернизациялаў, жоқары өнимдарлы сортларды егиў ҳәм нәтийжели агротехнологияларды енгизиў нәтийжесинде хожалық экономикалық турақлылыққа ериспекте.

Мағлыўмат сыпатында соны айтып өтиўимиз керек, Елликқала районында Президентимиздиң 2023-жыл 3-август күнги ПҚ-260-санлы қарарының 3-бәнтинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде, жүзимгершиликке қәнигелестирилген жәми 276 гектар майдан бар. Соннан ҳәзирги ўақытта 200 гектар жүзимбағлары толық өним бермекте.
Бул болса аймақта бағшылықты раўажландырыў ҳәм халықтың дәрамат дәреклерин кеңейтиўге хызмет етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги