Елликқалалы фермер пахта тапсырыў режесин орынлады

Елликқала районы Ақшакөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Худайберген Ерназаров” фермер хожалығы мәмлекетке пахта тапсырыў бойынша белгиленген режени толық орынлады.
Ерте бәҳәрде 30 гектар жерге шигит сепкен хожалық ағзалары, жазы бойы исленген агротехникалық қәделерге сай жүргизилген тәрбия жумысларының нәтийжесинде, атызларда мол зүрәәт жетистириўге еристи.


-Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 13-февральдағы ПҚ-71-санлы қарары талапларынан келип шығып, ҳәр бир гектар жерге 500 килограмнан биогумус төгини берилди ҳәм бул өзиниң жақсы нәтийжесин берди,-дейди хожалық баслығы Илҳам Ерназаров.-Бул баслама себепли, атызларда тек ғана өнимдарлық артып қоймастан, ал мәмлекет тәрепинен ҳәр бир гектар ушын 1 миллион сумнан субсидия ажыратылып, бизлер ушын үлкен жәрдем болды.
Бүгинги күнге шекем ҳәр бир гектар жерден орташа 40 центнерден өним жетистирген хожалық ағзалары алдағы ўақытлары пахта жыйын-теримине және де пәт ендирип, мәмлекетке тағы да 10 тонна өним тапсырыўды режелестирмекте. Буның ушын оларда барлық имканият ҳәм мүмкиншиликлер бар.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы