Аббаз ҳаўазы Қаратерең бойларында жаңлады

Жаңа Өзбекстанда дөретиўши инсанларға айрықша итибар қаратылып, халқымыздың руўхый дүньясы, мәденияты менен мәнаўиятын байытыў жолындағы ийгиликли ислер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып барылмақта. Бул әзелден халқымызға тән әдебиятқа, мәдениятқа, көркем өнерге, дөретиўшиликке болған айрықша меҳир ҳәм итибардың көриниси болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев елимиздиң дөретиўши зыялылары ўәкиллери менен ушырасыўында – «Әдебият пенен көркем өнерге, мәдениятқа итибар – бул бәринен бурын, халқымызға итибар, келешегимизге итибар, уллы шайырымыз Шолпанның айтқанындай, әдебият, мәденият жасаса, миллеттиң жасаў мүмкиншилигин умытыўға бизиң ҳасла ҳақымыз жоқ,» – деген еди.
Халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда әдебияттың, мәденияттың орны гиреўли екен, демек биз өзлериниң өлмес әжайып дөретпелери менен халқымызға танылған жазыўшы-шайырлар менен дөретиўши инсанлардың өмирин, үлгили мийнет жолын өсип киятырған жас әўладларға тереңирек таныстырып барыўымыз дәркар. Мине, усындай өзине тән дөретиўшилик жолы менен халқымыз жүрегинен жыллы орын ийелеген қыссахан шайыр, Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан халық жыршысы Аббаз Дабылов болды.
Быйыл уллы сөз зергериниң туўылғанына 127 жыл толмақта.
Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўи менен 18-сентябрь күни Тахтакөпир районында белгили шайыр ҳәм қыссахан Аббаз Дабыловтың естелигине бағышланған «Аббаз ҳаўазы- Қаратерең ырғақлары» фольклор фестивалы болып өтти.

Фестиваль шеңберинде қыссаханлық ҳәм айтыс жанры бойынша жарыс, сондай-ақ, фольклор- этнографиялық жәмәәтлери арасында «Миллий қәдириятлар сазалары» атамасындағы республикалық таңлаў өткерилди.
Өткерилген фестивальға республикамыздың көплеген аймақларынан ҳәўескер шайыр, қыссахан, бақсы, ақын ҳәм фольклор ансамбллери қатнасып, олардың сахнаға шығыўлары тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен мүнәсип түрде баҳаланып барылды.
Оғада қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, айтыс жанры бойынша биринши орынды тахтакөпирли ақын Еркебулан Қолқанатов жеңип алған болса, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар кегейлиши Дилназ Өтемуратова ҳәм нөкисли жас шайыр Муҳамметдин Айтжановқа несип етти.
Ал, қыссаханлық бойынша өткерилген жарыста болса, Төрткүл районынан келген жас қыссахан Исламбек Зийнатдинов бас сыйлық ийесине айланды.
Таңлаўдың сыйлы екинши орнын нөкисли шайыр Раўаж Отарбаев ҳәм шымбайлы жас талант ийеси Марқабай Әлимбетов, сыйлы үшинши орынды тақыятаслы Гүмисай Мустафаева, қанлыкөлли Дәметкен Турекеева ҳәм тахтакөпирли Нурсулыў Қәллибековалар жеңип алды.
Ал, фольклор-этнографиялық жәмәәтлериниң «Миллий қәдириятлар сазалары» атамасындағы таңлаўда болса, 3-орынды Төрткүл районының «Айналайын» қазақ фольклор-этнографиялық ансамбли ҳәм Кегейли районының «Ақтуба» фольклор-этнографиялық ансамбли жеңип алыўға миясар болды.
Сыйлы екинши орын Қараөзек районының «Мың түмен» ҳәм Елликқала районының «Бостан гүллери» фольклор-этнографиялық ансамбли, биринши орын Нөкис қаласының «Суў серпер» фольклор-этнографиялық ансамблине несип етти.
Фестивальдың бас сыйлығы болған «Гран-При»ди болса, сахна ийелери есапланған Тахтакөпир районының «Мийрас» фольклор-этнографиялық ансамбли жеңип алды.

Таңлаў соңында Қарақалпақстан Республикасы мәденият министриниң биринши орынбасары Б.Аллаков ҳәм Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов шығып сөйлеп, жеңимпазларды ерискен табыслары менен қутлықлады ҳәм оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғаларды тапсырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы