Мәденият тараўында да жумыслар жақсы жолға қойылмақта

133

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен тараўда әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конференциясында мәденият министри Бегис Темирбаев 2025-жылдың усы күнине шекем әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине есап берди.

Атап айтқанда, жыл басында мәдений-ағартыўшылық ҳәм кеўилашар илажлар режеси белгилеп алынып, 2 мың 977 ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилгени мәлим етилди.

3 мәмлекетлик театрда 915 тен аслам спектакль қойылып, оларға 186 мыңнан зыят тамашагөй кирген. Жәмәәтлер 7 халықаралық мәдений илажда мүнәсип қатнасты.

Қала ҳәм районлардағы мәденият орайлары тәрепинен 3 мың 650 мәдений-кеўил ашар илаж өткерилип, халыққа мәдений хызмет көрсетилди. Бүгинги күнде жумыс алып барып атырған 60 мәденият орайында республика бойынша жәми 210 дөгерек жумыс алып барып атырған болса, оларға 2287 қатнасыўшы турақлы түрде қатнайды.

Бүгинги күнде министрликке қараслы 2 жоқары оқыў орнының филиалы, 3 қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеби, мектеп-интернатлар, сондай-ақ, 24 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде жәми 9 мың 677 оқыўшы ҳәм студентлер билим алып келмекте. Оларға 1 мың 722 оқытыўшы ҳәм профессорлар өнер сырларын үйретип келмекте.

Жыл басынан бүгинги күнге шекем министрликке қараслы мәкемелер ҳәм дөретиўши жәмәәтлер Малайзия, Япония, Италия, Түркия, Грузия, Әзербайжан, Қырғызстан, Қазақстан мәмлекетлеринде өткерилген халықаралық фестиваль ҳәм мәдений илажларға белсене қатнасты.

Халықаралық байланыслар бағдарында бүгинги күнде ТҮРКСОЙ- Түркий халықлардыӊ мәденият шөлкеми, ЮНЕСКО, Татарстан ҳәм Башқуртстан Республикасы Мәденият министрликлери, сондай-ақ, Рашид Вагапов атындағы татар мәденияты фонды, Италияныӊ “Самарканда” шөлкеми, Қубла Кореяныӊ «НY Education» компаниялары менен турақлы түрде бирге ислесиў жолға қойылған.

Быйылғы жылы балалар музыка мектеплериндеги ҳәм мәденият орайларындағы дөгереклерге қатнасыўшы оқыўшылардың ата-аналар төлемин онлайн “QR code” арқалы әмелге асырыўда Click фирмасы менен шәртнама дүзилди ҳәм жаңа оқыў жылынан толық иске түсирилди.

Бүгинги күнде тараўға жәми 609,5 мың АҚШ доллары муғдарында грант ҳәм 2 млрд 50,7 млн сум муғдарында инвестиция қаржылары киргизилди.

Өткен жылы министрлик жанынан шөлкемлестирилген «ART KARAKALPAKSTAN» мәмлекетлик емес коммерциялық емес мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў шөлкеми жақында Олий Мажлис жанындағы Пуқаралық жәмийетлерин қоллап-қуўатлаў институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған мәмлекетлик социаллық буйыртпалар таӊлаўында қатнасып, “Устахана-миллий мийрас” жойбары менен жеӊимпаз болды ҳәм жойбар 1 миллиард сум муғдарында қаржыландырылды. Бул жойбар шеӊберинде Нөкис районында Орайлық Азия халықларыныӊ миллий музыка саз әсбапларынан – қобыз, дуўтар, шыӊқобыз, гиржек ҳәм басқа да музыка әсбапларын ислеп шығарыўшы  устахана қурылады.

Сондай-ақ, хабарыӊыз бар, республикамызда бир неше жыллардан берли Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәденият ҳәм әдебиятты раўажландырыў фонды жумыс алып бармақта. Жақында министрлик тәрепинен усы фонд пенен биргеликте Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтыӊ музейин шөлкемлестириў бойынша арнаўлы жойбар таярланып, жойбарға Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы фонд тәрепинен 251 миллион 250 мыӊ сум ажыратылды ҳәм ҳәзирде усы музейди шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилди.

Елимизде талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилип атырған “Йош” эстрадалық жойбарына бүгинги күнге шекем 400 ден аслап жасларымыз қатнасқан болса, солардан қырқы еки мәўсимде қатнасты. Бул жойбар келеси жылдан баслап Өзбекстан көлеминде өткерилиўи режелестирилип атырғанын айрықша атап өттиўимиз тийис.

Корея Республикасының “HY Education” компаниясы менен биргеликте Mega Foundation Course (MFC) бағдарламасы арқалы Қубла Кореяныӊ жоқарғы оқыў орынларында билим алыўды қәлеўши студентлерди қоллап-қуўатлаў бойынша шәртнамаға қол қойылды. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – қарақалпақстанлы жаслардыӊ халықаралық дәрежеде билим алыўына жәрдемлесиў болып табылады.

Сондай-ақ, илаж даўамында Мәденият министри Б.Темирбаев ҒХҚ ўәкилликлериниң сораўларына жуўап берип, пикир-усынысларын тыңлады.

Илаждан соӊ қатнасыўшылар режиссёр Мухтар Реймов сахналастырыўындағы Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Т.Қайыпбергеновтың “Қарақалпақ қызы” спектаклин тамашалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги