Ҳәрекетсизлик – заманагөй жәмийет ушын үлкен қәўип

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми дүнья халқы арасында физикалық белсендилик дәрежесиниң төменлеўи қәўипли тенденцияға айланғанын мәлим етти. Атап өтилиўинше, соңғы он жыл ишинде жасы үлкенлер арасында физикалық белсендилик 5 процентке азайған. Бул жағдай даўам етсе, 2030-жылға барып кем ҳәрекетлилик дәрежеси 35 процентке жетиўи мүмкин.
Аз ҳәрекетлилик тек ғана аўыр кеселликлердиң, соның ишинде инфаркт, инсульт, 2-түр қантлы диабет, көкирек ҳәм жуўан ишек раги сыяқлы кеселликлердиң раўажланыў қәўпин арттырып қоймастан, ал инсанның өмир сапасы ҳәм өмирине де унамсыз тәсир көрсетеди. Әсиресе, офис хызметкерлери, айдаўшылар ҳәм пенсионерлерде аз ҳәрекетлениў көбирек ушырасады ҳәм бул олардың денсаўлығы ушын үлкен қәўип болып есапланады.
Физикалық белсендиликтиң азлығының және бир аўыр ақыбети сүйек ҳәм булшық ет системасындағы машқалалар болып, остеохондроз ҳәм грижа сыяқлы кеселликлерди келтирип шығарады. Остеохондроз мойын ҳәм омыртқа сүйеги арасындағы дисклердиң ҳәрекет ҳәм қан айланыўының төменлеўи себепли ҳәлсиреўи, аўырыўлар ҳәм ҳәрекет шеклениўи менен көринеди. Грижа болса дисктиң сыртқа шығыўын ҳәм нервлердиң қысылыўын келтирип шығарып, аўырыўлар ҳәм ҳәттеки, ҳәрекет қәбилетиниң жоғалыўына себеп болады. Бул кеселликлер тек ғана емлеўди емес, ал белсенди турмыс тәризине өтиўди талап етеди.
ЖДСШ Европа регионаллық бюросы тәрепинен физикалық белсендилик дәрежесин арттырыў мақсетинде ҳәптесине кеминде 150 минут орташа интенсивликтеги ямаса 75 минут күшли интенсив спорт шынығыўлары менен шуғылланыў усыныс етилди. Бул стандартларға әмел етиў арқалы тек ғана жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм рак қәўпи сезилерли дәрежеде азайып қоймастан, ал денсаўлықты сақлаў системасына жумсалатуғын қәрежетлер де үнемленеди. Әне, усы усыныслар тийкарында Европа ҳәм Орайлық Азияда 2050-жылға шекем 11,5 миллион кеселлик жағдайының алдын алыў күтилмекте.
Өзбекстан да бул машқалаға айрықша итибар қаратып атырған мәмлекетлерден бири. 2021-жылы физикалық белсендиликти үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Саламат турмыс тәризи” платформасы ҳәм мобиль қосымшасы ислеп шығылды. Бул жерде халық күнделикли жүриў ҳәм шынығыўларды бақлаў имканиятына ийе. Мәмлекетлик бюджеттен бул бағдарламаға үлкен қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, мәмлекетте “Халық саламатлығы – 2030” миллий стратегиясы ҳәм “Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи” улыўма миллий ҳәрекети жолға қойылған. Мәҳәллелерде физикалық белсендилик рейтинги жаратылмақта, спорт жарыслары ҳәм ғалабалық шынығыўлар шөлкемлестирилмекте, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар арасында спортты ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул илажлар ЖДСШ усыныслары менен үйлесикли ҳалда елимизде кем ҳәрекетлилик машқаласын азайтыўға қаратылған кең көлемли илажлар болып есапланады.
Жуўмақлап айтқанда, аз ҳәрекетлилик тек ғана жеке денсаўлыққа емес, ал жәмийет саламатлығы ҳәм экономикалық турақлылыққа да айрықша қәўип болып табылады. Физикалық белсендилик саламат турмыс тәризиниң әҳмийетли бөлеги болып, саламатлықты беккемлеўде тийкарғы орын ийелейди. Сол себепли ҳәр күни пияда жүриў, жуўырыў, велосипед айдаў, жүзиў, таза ҳаўада сейил етиў, ҳәптесине кеминде бир неше саат физикалық мийнет пенен шуғылланыў усыныс етилмекте, бәлким ҳәр бир инсан ушын турмыслық зәрүрлик екени еслетип өтилмекте.
Моҳигул ҚОСИМОВА, ӨзА