Билимлендириў раўажланыўдың тийкарғы факторы

106

Мүнәсибет

Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында ең әҳмийетли бағдарлардан бири сыпатында билимлендириў тараўы белгилеп алынған. Себеби мәмлекеттиң келешеги, оның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўы, интеллектуаллық потенциалы әне, усы билимлендириўге байланыслы. Бүгинги күнде мәмлекетимиз билимлендириў системасын түп-тийкарынан реформалаў, оны заман талаплары тийкарында қайта қәлиплестириўге үлкен итибар қаратпақта. Бул процессте муғаллим ҳәм устазлардың роли шексиз. Олар – жас әўладты ўатансүйиўши, билимли, заманагөй пикирлейтуғын шахс етип тәрбиялаўда шешиўши күш есапланады.

Муғалим тек сабақ өтетуғын шахс емес, ал ол баланың қәлбине жол табатуғын, онда пидайылық, ўатансүйиўшилик, мийнет сүйгишлик сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестиретуғын тәрбияшы болып есапланады. Усы жағынан, Жаңа Өзбекстанда олардың абырайын арттырыў, мийнетин мүнәсип хошаметлеў, материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылмақта. Күни кеше мәмлекетимиз басшысының Бостанлық районына сапары даўамында муғаллимлер ҳәм устазлар менен сөйлесиўи билимлендириў ҳәм тәрбия тараўы ўәкиллериниң турмысында айрықша әҳмийетли тарийхый ўақыя болды, десек асыра айтқан болмаймыз.

Илажға барлық аймақлардан 40 мыңнан аслам педагоглар қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы реформалардың әҳмийетине тоқтап, соңғы сегиз жыл ишинде ерисилген нәтийжелерге итибар қаратты. Өткен сегиз жылда биз билимлендириў ҳәм тәрбия тараўында да он жылға тең келетуғын жумысларды әмелге асырып, үлкен нәтийжелерге ерискенимизди айырым санлар арқалы айтып өтти. Экономика қаншелли беккем болса, билимлендириў раўажланады. Бул турмыслық нызам буны ҳеш ким бийкарлай алмайды. Мәмлекетимиз жетекшиси сөйлесиўде мектепке шекемги билимлендириў системасының жумысын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер, тийкарғы ўазыйпаларға тоқтап, жаңа басламаларды билдирди.

“Реформаларымыздың дәслепки басқышында-ақ мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыўға үлкен итибар қараттық. Ашық айтыў керек бул мәселе узақ жыллар даўамында шетте қалып кеткен еди. Мине, бир сан 2017-жылы 4 мыңнан аслам мәҳәлледе бирде-бир бақша жоқ еди, қамтып алыўы тек ғана 27 проценттен артпайтуғын еди. Бүгинги күнге келип бақшалардың саны 38 мыңнан асты, қамтып алыў болса 78 процентке жетти. Жақында билимлендириў тараўында жәрияланған жаңа жеңиллик ҳәм имканиятлар есабынан бақша кирип бармаған бирде-бир мәҳәлле қалмайды ҳәм қамтып алыў 80 проценттен аз болмайды”, -деп атап өткен еди Президентимиз. Мәжилисте билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, питкериўши жаслардың өз қәбилет ҳәм талантларын кеңирек көрсетиўине хызмет ететуғын және бир қатар әҳмийетли басламалар алға қойылды.

– Мектеп келешектиң есиги дегендей, соңғы сегиз жылда 500 ге шамалас мектеплер қурылды. Ата-аналар ушын таңлаў ҳуқықы берилди. Атап өтилгениндей, ҳәр жылы онлаған мың мектеп оқыўшылары шет тили ҳәм пәнлер бойынша халықаралық сертификатлар алмақта. Мәселен, 2016-жылға шекем жәми 2 мың мектеп оқыўшысы сертификат алған еди. Өткен жылы тек ғана шет тиллердиң өзинен 150 мың жасларымыз халықаралық сертификат алды. Енди бундай сертификатлар мектептеги жуўмақлаўшы имтиханларда да тән алынады. Мине, усындай жетискенликлерге ерискен жасларымызға қарап, устазларға, муғаллимлериңизге, профессор оқытыўшыларыңызға мың рахмет айтпақшыман. Себеби, бул нәтийжелердиң артында жанкүйер устазлардың билим ҳәм тәжирийбеси, машақатлы мийнети жәмленген десем, бул да әйне ҳақыйқатты айтқан боламан –  деди Президент.

Кәсип-өнер билимлендириўи бүгинги күнде глобал кадрлар таярлаў системасында тийкарғы орынды ийелейди. Технологиялардың жедел раўажланыўы, санластырыў ҳәм жәҳән базарындағы кескин бәсеки шараятында әйне жоқары сапалы кәсиплик шеберлик, табыслы экономика ҳәм жәмийеттиң турақлы раўажланыўы ушын тийкар болып хызмет етеди. Дүньяның жетекши мәмлекетлери тек ғана билимге емес, ал оны әмелде қоллана алатуғын, жаңа шараятларға тез бейимлесе алатуғын ҳәм өз мәмлекети ушын қосымша қун жарататуғын қәнигелерди таярлаўға жедел инвестиция киргизбекте.

Мийнет өнимдарлығы артып, маман кадрлардың жетиспеўшилиги азаймақта. Кәрханалар ҳәм аймақлардың инновациялық потенциалы артып бармақта. Талапкер кәсиплерге ийе инсанлар мийнет базарында өз орнын тезирек табады. Турақлы дәраматқа ийе болады. Мәмлекет болса глобал шақырықларға шыдамлы жедел раўажланып атырған экономикаға ийе болады. Өзбекстан ушын кәсип-өнер билимлендириўин енгизиў ҳәм раўажландырыў стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул тек ғана жаслар арасында жаңа көнликпелерди қәлиплестириў емес, ал санаат талапларына жуўап беретуғын инновацияларды алға қоятуғын ҳәм экономиканы жаңа басқышқа көтере алатуғын қәнигелерди таярлаўдың заманагөй системасын жаратыў болып есапланады. Кәсип-өнер билимлендириўиниң раўажланыўы бизнес ҳәм билимлендириў системасының талапларын бирлестиреди. Теория ҳәм әмелият арасындағы айырмашылықты азайтады.

Президентимиз тәрепинен билдирилген ҳәр бир баслама, берилип атырған жеңиллик ҳәм имканиятлар илажда жыйналған барлық устазлар ҳәм ата-аналарды шын мәнисинде толқынландырды. Тек ғана булар емес, мәмлекетимиз басшысы техникумдағы оқытыўшы ҳәм усталардың маманлығын жәмийеттеги абырайын арттырыў бойынша да жаңа басламаларды алға қойды. Соның ишинде, мектептеги сыяқлы техникумлардың оқытыўшысы ҳәм усталары ушын кәсиплик сертификатлар системасы енгизиледи. Бул арқалы техникум устазларына миллий сертификат ушын айлығының 30 проценти, халықаралық сертификатқа болса 50 процент муғдарында үстеме төленеди. Енди техникумларда да жоқары оқыў орынларындағы сыяқлы илимий дәреже ҳәм атақлар ушын үстемелер төлеў жолға қойылады.

Бул сөйлесиў шын мәнисинде қызғын ҳәм сезимлерге бай өзине тән ўақыяға айланды. Мәмлекет басшысының ҳүрмети ҳәм ғамхорлығы ҳәр бир сөзинде, ҳәр бир көз қарасында, сөйлесиў ырғағында сезилип турды. Бул жағдай устазлар ҳәм педагогларды ҳәр бир минутты пүткил қәлби менен сезиўге шақырды. Ушырасыў орталығы ҳүрмет ҳәм исенимге толы болып, тек ғана әмелий нәтийжелер емес, ал келешек әўладтың тәрбиясы жолында қойылған ҳәр бир ҳәрекет, ҳәр бир пикир ҳәм идея қәдирленетуғынын өзинде сәўлелендирди. Президентимиз алға қойған басламалар ҳәм белгилеп берген ўазыйпалар мәмлекеттиң билимлендириў системасында жаңа бир дәўирди баслап береди. Кең көлемли реформалар, инновациялар ҳәм дөретиўшилик жаңалықлар ушын имканият жаратады. Бундай илажлар ҳәр бир инсанның потенциалын толық жүзеге шығарыў, заманагөй оқытыў методикаларын енгизиў, илимий-изертлеў жумысларын беккемлеў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа әўладтың ҳәр тәреплеме жетик шахс сыпатында қәлиплесиўи ушын зәрүр шараят жаратыў имканиятын бермекте.

Улыўмаластырып айтқанда, Жаңа Өзбекстанда билимлендириў – мәмлекетти раўажландырыўдың тийкарғы факторы, муғаллим ҳәм устазлар болса – жәмийеттиң ең ҳүрметли ҳәм жуўапкершиликли шахслары сыпатында жетик әўладты тәрбиялаўдай уллы ҳәм мақтанышлы ўазыйпаны атқармақта. Олардың хызметин тән алыў, қоллап-қуўатлаў ҳәм турақлы хошаметлеў – ҳәр биримиздиң миннетимиз.

 

Гулжан ХАЛМУРАТОВА,

Олий Мажлис Нызамшылық  палатасының депутаты,  O’zLiDeP фракциясы ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги