“Silk Road Samarkand” комплекси перспективалы туризм орайы сыпатында тән алынды

“Euronews“ басылымы Орайлық Азияның ең перспективалы жойбарларынан бири сыпатында Самарқанд қаласындағы “Силк Роад Самарканд” туристлик комплекси ҳаққында мақала басып шығарды. Онда “қала ишинде қала” концепциясы сәўлелендирилип, мийманларға мәдений мийрасты жақыннан сезиў, саламатландырыў ҳәм халықаралық көлемдеги илажларда қатнасыў имканиятлары атап өтилди.
Материалда усы комплексте жаратылған “Мәңги қала” этно-бағына айрықша итибар қаратылған. Бул жерде әййемги Жипек жолы қалаларының орталығы, өнерментшилик устаханалары, дәстүрий тағамлары ҳәм қайта тикленген әпсаналары мийманлар ушын көрсетиледи.
Сондай-ақ, “Euronews“ мақаласында “Silk Road Samarkand”тың ири исбилерменлик орайы сыпатындағы әҳмийети атап өтилди. Ол жерде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки мәжилиси және БМШ Жер жүзилик туризм шөлкеми Бас ассамблеясы сыяқлы абырайлы халықаралық әнжуманлар өткерилгени атап өтилди.
“Silk Road Samarkand” туристлик орайының бас директоры Зафар Бўтаевтың пикиринше, жергиликли ҳәм сырт елли экспертлер комплекстиң Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияның туристлик потенциалын күшейтиўдеги әҳмийетин бир неше мәрте атап өткен.
– Президентимиздиң басламасы менен қурылған бул комплекс арқалы биз сырт елли мийманлар ҳәм мәмлекетимиз пуқаралары ушын максимал дәрежеде ашық-айдынлық ҳәм тартымлылыққа ерисиўге умтылмақтамыз,-деп атап өтти ол.
Басылымның жуўмағына бола, бул комплекс Өзбекстанды халықаралық майданда ең перспективалы туризм бағдарларынан бири сыпатында көрсетпекте. “Silk Road Samarkand” кеңейиўди даўам еттирип, әййемги Самарқандтың бай тарийхында жаңа бет ашпақта.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА