Елимизде өткир респиратор инфекциялар бойынша эпидемиологиялық жағдай қандай?

Гүзги-қысқы мәўсимде өткир респиратор инфекциялардың (ӨРИ) дүнья бойлап көбейиўи бақланады. Әсиресе, мийнет миграциясы ҳәм халықаралық қатнаўлар арқалы вируслардың тез тарқалыўы инфекция қәўпин арттырады. Ҳәзирги ўақытта Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерде грипп ҳәм ӨРИ жағдайларының кескин артып баратырғаны Өзбекстан ушын да қәўипли факторлардан бири болып есапланады. Тийисли шөлкемлер тәрепинен эпидемиологиялық қадағалаў күшейтилген болса да, халықтан да сергеклик талап етиледи.
ӨРИ ҳәм грипп жағдайлары Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети тәрепинен турақлы мониторинг етип барылмақта. Комитеттиң баспасөз хызмети усынған мағлыўматларда ҳәзирги ўақытта кеселлениў дәрежеси көп жыллық эпидемиялық көрсеткишлерден 36,5 процент төмен екени атап өтилген. Бул эпидемия қәўпи ҳәзирше жоқ екенлигин аңлатады.
Соның менен бирге, мәмлекет бойлап 15 вирусология лабораториясында изертлеўлер алып барылмақта. Санитария-эпидемиология комитети грипп ҳәм гриппке уқсас кеселликлерди анықлаў, олардың алдын алыўға қаратылған илажларды жедел әмелге асырмақта.
Жылдың басынан берли бақланып атырған көрсеткишлерге қарағанда, ӨРИ ең көп 0-1 жастағы балалар арасында дизимге алынбақта. Буған олардың еле қәлиплеспеген иммунитети ҳәм сыртқы орталыққа салыстырғанда тәсиршеңлиги себеп болады. Бул жағдай ата-аналарды балалардың саламатлығына айрықша итибар қаратыўға шақырады.
Өткир респиратор инфекциялар грипп, парагрипп, аденовирус, коронавирус ҳәм басқа дем алыў жоллары арқалы жуғатуғын вируслы инфекциялар топары болып, олар тез жуғады ҳәм ҳәр қыйлы жастағы адамларда түрлише өтеди. Мурын ағыўы, жөтел, тамақ аўырыўы, температура, бас аўырыўы, ҳәлсизлик бақланади. Балалар, кекселер ҳәм созылмалы кеселликке шатылғанлар ушын асқыныўлы өтиўи мүмкин. Пневмония, бронхит, отит сыяқлы аўыр асқыныўларға алып келиў итималы бар.
Дүньяда ҳәр жылы көплеген инсанлар грипп ҳәм соған уқсас инфекциялардан қайтыс болады. Соның ушын қәнигелер қолларды тез-тез сабын менен жуўыў, эпидемия мәўсиминде жәмийетлик орынларда нықап тағыў, иммунитетти беккемлеў (дурыс аўқатланыў, спорт пенен шуғылланыў), гриппке қарсы вакцина алыў, наўқаслар менен жақын байланыста болмаў және белгилер бақланса, өзбасымшалық пенен емленбестен шыпакерге мүрәжат етиўди усыныс етеди.
Санитария-эпидемиология комитети елимизде эпидемиологиялық жағдайдың турақлылығын мәлим етиў менен бирге ҳәр бир пуқара өзин ҳәм жақынларын қорғаў бойынша усынысларға әмел етиўи керек екенлигин атап өтпекте. Себеби, Россия ҳәм қоңсы мәмлекетлерде жуқпалы кеселликлер кескин көбейип атырғаны себепли вируслардың елимизге кирип келиў қәўпи бар.
Моҳигул ҚОСИМОВА, ӨзА