ЖСШ аўыр дәўирди басынан өткермекте

Трамптың саўда сиясатыныӊ ақыбети келеси жылы билинеди
Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ) басшысы Оконжо-Ивеала Нгозиниң пикиринше, АҚШ Президенти Дональд Трамп тәрепинен соңғы ўақытта жүргизилип атырған тариф сиясаты соңғы 80 жылдағы глобал саўда қағыйдасының кескин бузылыўына себеп болды. Буның ақыбети кейинги жылдан сезиле баслайды. “Рейтер” агентлиги жәриялаған мақаладан усындай жуўмақ шығарыў мүмкин. Улыўма, абырайлы шөлкем басшысы Трамптың глобал саўда процесине тәсирине айрықша тоқтап өткен.

NEW YORK, NY – SEPTEMBER 18: Former Minister of Finance of Nigeria Ngozi Okonjo Iweala speaks on September 18, 2016 in New York City. (Photo by Riccardo Savi/Getty Images for International Commission on Financing Global Education Opportunity)
Ҳәзир ЖСШ шәрти тийкарында әмелге асырылып атырған халықаралық саўда үлеси 80 проценттен 72 процентке түсип кеткен ҳәм бул муғдар келешекте және төменлеўи мүмкин.
ЖСШ қағыйдасы ең қолайлы мәмлекет режими принципин нәзерде тутады. Бул тәртип ағза мәмлекетлерден ҳәммеге тең қатнаста болыўды талап етеди.
Нгози ханымның қосымша етиўинше, тарифтиң тәсири кейинирек – 2026-жыл сезиледи. Яғный, келеси мәўсимниң биринши ярымында дәслепки өним жеткерип бериў нәтийжесинде жүзеге келген жәҳән саўдасының соңғы өсиўи төменлей баслайды.
Қәўетер исенимли (ме)?
Күни кеше Канцлер Фридрих Мерц Берлиндеги Германия сырт ел каналы көрсетиўинде ЖСШ енди өзиниң тийкарғы ўазыйпасын орынлай алмайтуғынын айтты ҳәм саўда сиясаты қағыйдаларының жаңа системасын ислеп шығыўға шақырды:

– Биз, европалы шериклер белгили бир қағыйдаға тийкарланған еркин саўда системасын үгит-нәсиятлаймыз. Соның ишинде, АҚШқа да. Соның менен бирге, мәселен, ЖСШ ҳәзирги ўақытта ислемей атырғанын ҳәм енди ҳақыйқый ўазыйпасын орынлай алмайтуғынын да тән алыўымыз керек. Ҳәзир ең зәрүрлиси – бизиң дөретиўшилигимиз. Анығырақ айтқанда, жаңа саўда сиясатыныӊ қағыйдасы ҳәм бирге ислесиўдиң жаңа системасын ислеп шығыў бойынша миннетлемемиз.
Шөлкем реформаланыўы керек
– БРИКС мәмлекетлери ЖСШ реформаланыўы басламасын қоллап-қуўатлаўы керек, – деди Қубла Африка Республикасы Президенти Сирил Рамафоса БРИКС саммити ўақтында. – Мәмлекетимиз реформа бойынша басламаны қоллап-қуўатлайтуғынын және бир мәрте тастыйықлайды. Бул процессте БРИКС мәмлекетлери де қатнасыўы керек.

Негизинде не болған еди?
Трамп Ақ үйге қайтқан соң, саўда сиясатын кескинлестире баслады. 2-апрель күни импортқа 10 процентлик тийкарғы салық енгизилиўи ҳәм айырым мәмлекетлер ушын өз-ара бажы арттырылыўы процесстиң жоқары ноқаты болды. АҚШ жетекшиси бул сәнени “Азатлық күни” деп атады. Бир ҳәпте өткеннен кейин, тариф асырылыўы тоқтады ҳәм Қурама Штатлар көплеген шериклер менен саўда сөйлесиўлерине кирисе баслады.
1-август күни Трамп бир неше мәмлекетке қосымша бажы енгизиў ҳаққындағы пәрманға қол қойды. Ақ үй жәриялаған ҳүжжетке бола, тариф дәрежеси 10-41 процент аралығында белгиленеди. 69 мәмлекетке енгизилген жаңа тәртип 7-августтан күшке кирди.
Бирақ, АҚШ апелляция суды 30-август күни Трамп тариф енгизиў ҳуқықына ийе емес екенлиги, сол себепли көпшилик қосымша тәртип нызамсыз жәрияланғанын атап өткен. Тилекке қарсы, ҳуқық уйымы қарарды 14-октябрь күни болып өтетуғын Жоқарғы судтағы тыңлаўға шекем өз күшинде қалдырған.
С.Раҳимов, ӨзАның хабаршысы