Информатика пәни оқытыўшылары ушын семинар

114

Нөкис қаласындағы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте республикалық әмелий семинар шөлкемлестирилди.

Илаждың ашылыўында билимлендириў министрлигиниң, Мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў системасының жуўапкерлери, республикамыздың информатика пәни оқытыўшылары қатнасты.

Бүгинги күнде мәлимлеме технологиялары жедел пәтлер менен раўажланып бармақта. Бул болса муғаллимлерден өз билим ҳәм тәжирийбелерин үзликсиз түрде арттырып барыўды талап етпекте.

– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң санластырыў тараўын раўажландырыў бойынша тапсырмаларына бола, улыўма орта билим бериў мектеплериниң 5-6-7-класс оқыўшыларының информациялық технологияларға болған қызығыўшылығын және де арттырыў, олардың информациялық компетенцияларын қәлиплестириў, программаластырыў тийкарларын үйретиў, жасларды заманагөй IT бағдарларына кеңнен тартыў мақсетинде «Информатика ҳәм информациялық технологиялар» пәнинен қосымша дөгерек сабақларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары А.Дәўлетбаев.

– Оқыўшылардың телефон менен ислесиўинде биринши гезекте олардың тәрбиясын дурыс жолға қып, кейин смартфонлардан пайдаланыўға руқсат бериў керек. Бул арқалы оқыўшылардың телефон имканиятларынан көбирек пайдаланыўы ушын шараят жаратылады. Әлбетте, онда баланың идеологиялық иммунитетин беккемлеўге үлкен итибар қаратыў лазым, -дейди информатика пәни оқытыўшысы Г.Аманиязова. -Бүгинги семинарда нәзерде тутылған қосымша дөгереклердиң шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде оқыўшылардың алдыңғы технологиялар менен байланыслы билимлери турақлы арттырып барылады.

Семинар даўамында IT бағдарындағы дөгереклердиң жумысын системалы жолға қойыў, дөгерек журналын электрон түрде жүргизиў ҳәм оқыўшылар ҳаққындағы мағлыўматларды «kkbilimlendiriw.uz» платформасына киргизип барыў мәселелери, муғаллимлердиң алдыңғы тәжирийбелери, методикалық көзқараслары ҳәм инновациялық шешимлери додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги