Халыққа электрон хызметлер көрсетиў сапасы арттырылады

2025-жыл 1-ноябрьден:
– мобил байланыс операторлары, коммерциялық банклер, төлем шөлкемлерине мобил қосымшалар арқалы БИМХП (Бирден-бир портал) да төлемли электрон мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў имканияты жаратылады;
– мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине айлық ижара төлеминиң бир бөлегин қайтарыў бойынша Бирден-бир портал арқалы мүрәжат етиў имканияты жаратылады;
– “Санлы стартаплар” бағдарламасы ҳәм (ямаса) Орайлық банктиң “тәртипке салыў қум сааты”нда қатнасыўшы стартап жойбарларға Санлы мағлыўматлар платформасынан 1 жылға шекем бийпул пайдаланыў имканияты бериледи;
– Өзбекстанның сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары арқалы физикалық шахстың жеке идентификация номерин алған IT-парк резидентлериниң сырт елли қәнигелери ушын аралықтан банк есап бетлери ҳәм виртуал банк карталарын ашыўға рухсат бериледи;
– транспортқа газ баллоны орнатылғанлығына байланыслы мағлыўматларды электрон түрде жүргизиў арқалы транспорт қуралын дизимнен өткериў гүўалығын қайта рәсмийлестириў тәртиби бийкар етиледи.
– 2025-жыл 1-декабрьден мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге “Санлы ҳүкимет” системасының Уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы белгиленген тәртипте электрон уйымлараралық бирге ислесиўди әмелге асырыўға рухсат бериледи.
-2026-жыл 1-январьдан:
– пуқаралардың социаллық жәрдем көрсетиў бойынша мүрәжаты, мәҳәллелердеги шаңарақлар ҳәм халық мағлыўматларын жүргизиў және мәҳәллелерде халық пенен ислесиў процесслери “Санлы мәҳәлле” платформасы арқалы әмелге асырылады;
– орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билимлендириў процеси менен байланыслы мәмлекетлик хызметлер Бирден-бир портал арқалы көрсетиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги