Өзбек антологиясы Қатар миллий китапханасы бийбаҳа фондынан орын алды

99

Жақында Қатар Мәмлекети миллий китапханасының бийбаҳа фонды “Өзбекстан қызларының ҳаўазы: мәдениятлар арасында көпир ҳәм дүнья ушын илҳам” атамасындағы халықаралық антологиясы менен байыды.

Елимиздеги қәбилетли жас қызлардың қосық, гүрриң, мақала ҳәм эсселеринен ибарат бул топлам жасларымыздың арзыў-нийетин, илимге умтылысын ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына қосып атырған үлесин сәўлелендиреди.

Антологияны Қатар миллий китапханасына Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, “Shine” қызлар академиясының басшысы Шоҳида Юсупова басшылығындағы өзбекстанлы студентлер делегациясы салтанатлы түрде тапсырды.

Дослық, бирге ислесиў руўхында өткен илажда мәмлекетимиздиң Дохадағы елшиханасының ўәкиллери, китапхана басшылығы ҳәм делегациямыз ағзалары қатнасты.

Ушырасыў даўамында еки мәмлекет арасындағы әдебий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, жаслардың дөретиўшилик потенциалын қоллап-қуўатлаў ҳәм ул-қызларымыздың талантын халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў мәселелери көтерилди.

– Бул топлам арқалы тек ғана өзбек қызларының ҳаўазы емес, ал Ўатанымыздың бай мәденияты ҳәм тарийхын да дүнья сахнасына алып шығыўды мақсет еткенбиз,-деди Ш.Юсупова ӨзАның хабаршысына.

Бул баслама жасларымыз дөретиўшилигин халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, Өзбекстан ҳәм Қатар арасындағы мәдений бирге ислесиў ҳәм дипломатиялық байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.

Ў.Алимов, ӨзА