Тәлим ҳәм тәрбияның үйлесимлиги

129

Мүнәсибет

Халқымыздың келешеги мектептен басланады. Себеби, перзентлеримизге тәлим ҳәм тәрбия бериўдиң ең узақ даўам ететуғын, керек болса, шешиўши басқышы бул – мектеп билимлендириўи,-деген еди ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев. Журтбасшымыз атап өткениндей, билимлендириў тараўын түп-тийкарынан реформалаў бүгин дәўир талабына айланған.

Усы жерде Президент Шавкат Мирзиёевтиң күни кеше “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” мүнәсибети менен сөйлесиўи ўақтында педагоглар ушын жаңа жеңилликлерди енгизгени муғаллим педагогларға күш бағышлады. Соның ишинде, келеси оқыў жылынан мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген педагоглар перзентлериниң контракт пулына 30 процент шегирме берилиўи, жаңа жылдан баслап кеминде 15 жыл стажға ийе болған жоқары категориялы педагогларға ипотека кредити басланғыш төлеминиң 25 проценти қаплап берилиўи, оқытыўшылар жаңа билимлендириў технологияларын кеңнен қолланыўы ушын компьютер сатып алыўға 10 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылыўы сыяқлы және бир қатар жеңилликлер қәлб архитекторлары болған муғаллимлер ушын үлкен имканият болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы усы ушырасыўда “Еки Ренессанс даўамында инсаниятқа устазлық еткен халқымыз арасында устазларды қәдирлеў ҳәм оларға ҳүрмет көрсетиў ең гөззал ҳәм әййемги дәстүрлеримизден бирине айланған. Бүгин Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў деген оғада уллы ҳәм мақтанышлы исти баслаған екенбиз, бәринен бурын, сиз – әзиз устазлар ҳәм талантлы шәкиртлериңизге сүйенемиз,” – деген еди.

Қалаберди, тек ғана муғаллимлер емес, ал бақша тәрбияшылары ушын да әҳмийетли жаңалықлар бақланып атырғаны ҳақыйқат.

Ҳәзирги ўақытта 7 мыңнан аслам мәмлекетлик бақшаларда 120 мыңға шамалас педагоглар болғаны менен олардың тек ғана 34 проценти жоқары мағлыўматқа ийе. Бирақ, ҳәзирги ўақытта тәрбияшылардың мектеп муғаллимлери сыяқлы категорияны алыўы ушын жоқары оқыў орны дипломы талап етиледи. Сонлықтан, жоқары мағлыўматлы менен орта мағлыўматлы тәрбияшының айлығында айырмашылық бар.

Соның ушын, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақша тәрбияшыларын жумыстан ажыралмаған ҳалда жоқары оқыў орынларында оқытыў жолға қойылып, жылына 10 мың тәрбияшы жоқары мағлыўматлы етилиўи кадрлар мәселесине шешим бола алады.

Және бир жаңалық. Президент мектеплери сыяқлы ҳәр бир ўәлаятта “Жаңа әўлад” бақшалары шөлкемлестирилип, оларда тәрбияшылар алдынғы педагогикалық технологияларды үйренеди. Ең әҳмийетлиси, жаңа методикаларды үйрениў ушын бул орынлардың есиги жеке меншик бақша тәрбияшыларына да бәрқулла ашық болады. Демек, орынларда “Жаңа әўлад” бақшаларының жумыс алып барыўына тийкар жаратылып, сапа артады. Еңгизилип атырған жеңиллик ҳәм жаңалықлардың барлығы кадрлар потенциалын арттырыў ҳәм келешегимиз ийелери болған перзентлеримиздиң мүнәсип тәлим-тәрбия алып, билим алыўына хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Завра Абдуллаева,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,

ӨзХДП фракциясы ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги