Балалар интернеттен не мақсетте пайдаланбақта?

Балалардың ўақтын үнемли өткериўи ушын шараят жаратыў ҳәм бос ўақтын пайдалы Ойынларға бағдарлаў жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Мобиль қурылмалар ҳәм интернеттиӊ ғалаба ен жайыўы болса бул ойынларды “онлайн”ға алмастырып қойып атырғандай. Халықтың бул тема бойынша пикирлерин үйрениў мақсетинде “Юксалиш” ҳәрекети тәрепинен өткерилген сораўнама нәтийжелери балалар ҳәм интернет арасындағы қурамалы қатнасықларға айқын мысал бола алады. 1 мың 935 ата-ананың пикирине тийкарланған таллаў тек ғана статистикалық санлар емес, ал санлы орталықта өсип киятырған әўладтың реал руўхый жағдайын көрсетпекте.
Сораў нәтийжелерине бола, 64 процент бала интернеттен билим алыў мақсетинде пайдаланады екен. Бул санлар унамлы жағдай сыпатында баҳаланыўы мүмкин. Демек, интернет дурыс бағдарланса, баланың раўажланыўы ушын үлкен имканиятларды ашады. Бирақ, соның менен бирге, 7 процент бала күнине 6 сааттан артық ўақтын телефонда өткерип атырғаны қәўетерли жағдай.

Және бир итибарлы тәрепи, 10 процент ата-ана перзентиниң интернеттеги ҳәрекетин дерлик ямаса улыўма қадағаламайтуғынын тән алған. Бул дегени, ҳәр оныншы бала санлы дүньяда еркин, бирақ қәўипли мәканда жалғыз қалмақта. Заманагөй ата-аналардың әҳмийетли ўазыйпаларынан бири балалардың интернеттеги ҳәрекетин тек ғана шеклеў емес, ал бағдарлаў да болыўы керек.
Ата-аналар интернет себепли балаларда бақланып атырған тийкарғы машқалаларды төмендегише белгилеген:
35% – Ўақытты бийкар сарплаў
30% – Денсаўлық ҳәм уйқы бузылыўы
21% – Ашыўшаңлық ҳәм тез ашыўланатуғын.
8% – Дыққатты жәмлей алмаў.
Бул белгилер санлы технологиялар баланың психологиялық турақлылығы, дыққат-орайы, ҳәттеки жеке әдетлерине де тәсир көрсетип атырғанын аңлатады. Әсиресе, денсаўлық ҳәм руўхый жағдайдағы өзгерислер баланың улыўма раўажланыўына аўыр унамсыз тәсир етиўи мүмкин.
Сораўнама нәтийжелери санлы дүньяда өсип киятырған балалардың мүтәжликлери ҳәм машқалалары енди бийпәрўа қаралатуғын мәселе емес екенлигин көрсетти. Бул жәмийетте айрықша итибарды талап ететуғын әҳмийетли мәселеге айланбақта.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА