Шегара бажыхана постлары арқалы ҳәрекетлениўде автотранспорт салмағы ҳәм көлем параметрлери қатаң тексериледи

104

Бажыхана комитети шегара бажыхана постларында автотранспорт қуралларының руқсат етилген салмағы ҳәм габаритлери көлеми бес процентке шекем артық болған жағдайларда арнаўлы руқсатнамасыз, төлем өндириў жолы менен өткериў әмелияты бийкар етилгенлигин мәлим етеди.

Енди автотранспорт қуралларының салмақ ҳәм көлем параметрлерин анықлаўда өлшеў әсбабының автотранспорт қураллары тоқтап турған ямаса 5 км/саатқа шекем тезлик пенен ҳәрекетленгенде алдынғыдай 2 процент емес, ал 5 процент парық пенен ислеўине жол қойылады ҳәм бул жүк тасыўшының пайдасына шешиледи.

Бирақ, онда автотранспорт қуралларының ҳәр бир көшерине түсиўши руқсат етилген салмағы автотранспорт қуралларының улыўма руқсат етилген массасына әмел еткен ҳалда, 10 тоннадан артпаўы шәрт.

Болмаса бул автотранспорт қураллары Автомобиль жоллары комитети тәрепинен берилетуғын арнаўлы руқсатнама алынбағанша шегара бажыхана постларынан өткерилмейди.

Хабарда жүк тасыўшылар ҳәм айдаўшылардан шегара бажыхана постлары арқалы ҳәрекетлениўде салмақ ҳәм көлем параметрлерине қатаң әмел етиўи соралған.

Ш.Маматуропова,

ӨзА