Өзбекстанда ислам банк жумысын енгизиўдиң ҳуқықый тийкары жаратылмақта

92

Бүгинги күнде финанс базарында жаңа финанслық өним ҳәм хызметлерди енгизиў арқалы халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин финанслық қоллап-қуўатлаў көлемин кеңейтиў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў ушын қолайлы шараят жаратыў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Усы мақсетте Өзбекстанда ислам банкиниң жумысын жолға қойыўға қаратылған нызам жойбары ислеп шығылды ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде биринши оқыўда концептуаллық жақтан көрип шығылды.

Бизге белгили, ислам финансында пулды белгили бир мүддетке қосымша ҳақы төлеў есабынан қарызға бериў, ислам дининде руқсат етилмеген жумысларды қаржыландырыў, шәртнамаларда ҳәдден тыс белгисизликлерге жол қойыў сыяқлылар қадаған етилген.

Соның ушын өз жумысында ислам финансы стандартларына муўапықлықты тәмийинлеў мақсетинде ислам банклеринде зәрүр билим ҳәм қәнигеликлерден қуралған Ислам финансы кеңеси, ислам финансы бөлими ҳәм ислам финансы аудити жумысын жолға қойыў зәрүр. Сондай-ақ, ислам финансында саўда ҳәм шериклик қаржыландырыўдың тийкарғы бағдары болып есапланады. Атап өтилгениндей, бул жойбар менен Салық ҳәм Пуқаралық кодекслери және 8 нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Атап айтқанда, нызамшылыққа ислам банк жумысы, ислам финанс операциялары ҳәм стандартлары және инвестициялық депозит түсиниклери киргизилмекте. Ислам банк жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензия енгизилип, оны алыў бойынша талаплар белгиленбекте.

Банклер тәрепинен әмелге асырылатуғын ислам финанс операцияларының тийкарғы тәреплери белгиленбекте. Ислам банк жумысын әмелге асырыўшы банклерге тиккелей саўда жумысын әмелге асырыў ҳәм юридикалық тәреплерди шөлкемлестириў, олардың устав фондларындағы үлеслерин, акцияларын шеклеўсиз алыўға руқсат берилмекте. Орайлық банк ҳәм банклерде Ислам финансы кеңеси шөлкемлестирилетуғыны және олардың ўазыйпалары белгиленбекте.

Сондай-ақ, нызам жойбарында ислам банк жумысын әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензияны енгизиў нәзерде тутылып, бул лицензияны алыў бойынша анық талаплар да белгиленбекте. Соның менен бирге, ислам банк жумысын әмелге асырыў ҳуқықын бериўши лицензияға ийе банклер тәрепинен әмелге асырылатуғын финанслық операциялар белгилеп берилмекте.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары дәстүрий финанслық хызметлерге альтернатив финанслық хызметлерди енгизиў, ислам финансын жолға қойыўдың ҳуқықый тийкарын беккемлеўге хызмет етеди.

Додалаўларда депутатлар тәрепинен бир қатар сораўлар ортаға тасланды. Пикир-усыныслардан соң нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова,

Аслиддин Алижонов (сүўрет),

ӨзА