Истиң көзин билген Сайлаўбай

173

Шымбай районы Қамысарық аўыл пуқаралар жыйынының «Тоңмойын» аўылында туўылып, камалға келген Сайлаўбай Сапарниязов кишкенелигинен дийқаншылыққа араласып өсти. Балалығынан тил алғыш, кишипейил болып өскен ол мектепти питкергеннен соң, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген салыкеш» Жийенбай Пайзуллаевтың бригадасында үш жыл суўшы, соңынан  республикамызға белгили улама ҳәм аўыл хожалығы хызметкери Абубакир Абдиразақовтың «Бәҳәр» фермер хожалығында 15 жыл ис басқарыўшы болып мол тәжирийбе топлаған ол 2016-жылы өзиниң атына фермер хожалығын ашыўға еристи.

«Еңбек етсең емерсең» дегениндей мине усы өткен жыллар ишинде Сайлаўбай басқарған «Сайлаўбай Төрениязович» фермер хожалығы өзлериниң ҳадал маңлай териниң арқасында, ҳәр жыл сайын мәмлекетке пахта ҳәм бийдай тапсырыў  шәртнамаларын артығы менен орынлап келмекте.

-Быйыл бәҳәрде 16 гектар жерге «С-4727» сортлы пахта шигитин егип, оған белгиленген талапларға сай тәрбия жумысларын жүргиздик,-дейди Сайлаўбай оған ҳармасынға барғанымызда.- Усы ислеген мийнетлеримиздиң нәтийжесинде, атызларымызда дийдиленгендей мол зүрәәт топланды. Ҳәзирги күнлери пахта жыйын-терими жумысларын баслап жибердик ҳәм ел қырманына 23 тоннадан аслам өним тапсырыўға миясар болдық. Несип етсе, теримшилеримиз усы пәтти жаздырмаса еки-үш күнниң ишинде белгиленген режени артығы менен орынлаймыз.

Ҳақыйқатында да, истиң көзин билип жумыс ислегенге не жетсин. Айырым фермерлер менен сөйлессең, май ҳәм төгин қымбат, ўақтында суў жетиспейди деп налыйды. Ал, Сайлаўбайға уқсаған фермерлер болса,  барлығының есабын таўып, ҳеш қандай мәкемеге қарызсыз нәтийжели жумыс жүргизип келмекте.

-Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында елимизде аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў, кластер ҳәм фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта,-дейди Сайлаўбай өз сөзин даўам етип.-Әсиресе, келеси жылдан баслап фермерлеримиздиң қосымша қун салығынан азат етилиўи, усындай ийгиликли ислердиң даўамы десек болады. Буның ушын ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевқа үлкен рахмет айтамыз.

Шынында да ҳәзирги күнлери елимиздиң барлық аймақларында сыяқлы, Шымбай районында да пахта жыйын-терим жумыслары қызғын басланып кетти. Фермер хожалықлары тәрепинен бир килограмм пахта ушын 2000 сумнан ақша төлениўи аўыл адамларының мийнет ислеўге деген қызығыўшылығын арттырып, орынларда ис өнимдарлығының артыўына тийкар болмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы