Қайсы аймақта дийқан хожалықлары саны көп?

Бизге белгили, халық арасында азық-аўқат жетиспеўшилигиниң алдын алыў ҳәм ишки базарларда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў және аграр тараўда халықтың басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы олардың дәраматларын арттырыўда дийқан хожалықларының өз орны бар.
Дийқан хожалығы тийкарынан аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде шөлкемлестириледи. Бул тараўды мәмлекетлик дизимнен өткериў нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Дийқан хожалығы баслығына Жер участкасына өмирлик ийелик етиў ҳуқықын бериўши мәмлекетлик ҳүжжет ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы белгиленген үлгидеги гүўалық бериледи.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың 1-июль жағдайына Өзбекстанда жумыс алып барып атырған дийқан хожалықларының саны 414 341 ди қураған.
Бүгинги күнде елимизде Әндижан ўәлаяты (67 мың 197) ең көп дийқан хожалықлары шөлкемлестирилген аймақ болып есапланады. Кейинги орынларда Самарқанд (50 608), Ферғана (40 701), Наманган (39 535), Хорезм (39 388), Қашқадәрья (34 744), Бухара (31 893), Сурхандәрья (27 639), Ташкент (24 757), Жиззақ (21 225) ўәлаятлары турады.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында 14 785, Сырдәрьяда 11 954, Наўайы ўәлаятында 9 887 ҳәм Ташкент қаласында 28 дийқан хожалығы бар.
Гулноза Бобоева, ӨзА