“Үстиртте жүдә үлкен газ резерви табылды” – Шавкат Мирзиёев

100

Шавкат Мирзиёев 15-сентябрьдеги сөйлесиўде Қарақалпақстандағы Үстирт платосында жүдә үлкен газ резерви табылғанын мәлим етти.

“Елимизде жер асты байлықларының үлкен резерви бар. Алдын нефть-газ тараўындағы излеў жумыслары тек ғана 2,5−3 мың метр тереңликте алып барылатуғын еди.

Быйыл санаатымыз тарийхында биринши мәрте Үстиртте 6,5 мың метр жер астын бураўлап, жүдә үлкен газ резерви табылды”, – деди ол.

Президент “төртинши санаат революциясы”н әмелге асырыў ушын дүньяда теллур, литий, селен, графит, молибден сыяқлы технологиялық минералларға талап бир неше есе артып атырғанын атап өтти. Таллаўларға бола, дүньядағы вольфрам, молибден, цинк ҳәм титан резервлериниң 10−15 проценти регионымызға туўра келеди, деген мәмлекет басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги