Атмосфера ҳаўасын қорғаў тараўындағы нызамшылық жетилистириледи

127

16-сентябрь – Халықаралық озон қатламын қорғаў күни. Усы мүнәсибет пенен Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети тәрепинен семинар шөлкемлестирилди.

1985-жылы Озон қатламын қорғаў ҳаққындағы Вена конвенциясының қабыл етилиўи менен озон машқаласын шешиў бойынша халықаралық ҳәрекетлердиң анық механизми жаратылғаны атап өтилди.

Бул Конвенция шеңберинде илимий изертлеўлерди өткериўде халықаралық бирге ислесиў, озон қатламын системалы мониторинг етиў, озонды ыдыратыўы затлар – хлорфторуглеродлы бирикпелердиң ислеп шығарылыўын мониторинг етиў ҳәм мәлимлеме алмасыў нәзерде тутылған.

Семинарда қәнигелер тәрепинен озон қатламының ыдыраўы  адамзатта териниң күйиўи, пигментация бузылыўы ҳәм тери раги (меланома) қәўпин арттыратуғынын атап өтти. Ултрафиолет нурларының артыўы нәтийжесинде катаракта (көз гәўҳарының булдыраўы), тор перде зыянланыўы ҳәм басқа көз кеселликлери келип шығыўы мүмкин, сондай-ақ, инсан иммун системасы төменлеўи мүмкин.

Өзбекстан 1993-жылдан берли Озон қатламын қорғаў ҳаққындағы Вена конвенциясы ҳәм Озон қатламын бузыўшы элементлер бойынша Монреал протоколының қатнасыўшысы болып есапланады.

Илажда Өзбекстан Монреал протоколына киргизилген бес дүзетиўден төртеўине қосылғаны ҳәм бул халықаралық шәртнамалар тийкарында озон қатламын ыдыратыўшы элементлерди пайдаланыў талапларын толық орынлап киятырғаны атап өтилди.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў  ҳәм “жасыл экономика” жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Монреал протоколы Кигали дүзетиўине қосылыўдың мақсетке муўапықлығы бойынша үйрениўлер алып барылып атырғаны келтирип өтилди.

Озон қатламын ыдыратыўшы  элементлер бойынша Монреал протоколы талапларын тәмийинлеў бойынша алып барылған жумыслардың жағдайы, сондай-ақ, усы протокол талапларын әмелге асырыў механизми ҳәм атмосфера ҳаўасын қорғаў тараўындағы нызамшылықты жетилистириў мәселелери додаланды.

Сенаторлар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң депутатлары, турақлы комиссия баслықлары, комитет экспертлер кеңесиниң ағзалары, тийисли уйымлардың жуўапкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан семинарда тема бойынша усыныслар билдирилди.

Н.Абдураимова, ӨзА