Өзбекстан делегациясы Венада ХАЭАниң 69-бас конференциясында қатнаспақта

Өзбекстан ядро энергетикасы ҳәм қәўипсизлигин раўажландырыў, алдынғы халықаралық тәжирийбени үйрениў ҳәм стратегиялық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине үлкен әҳмийет қаратып келмекте. Бул бағдарда мәмлекетимиз Халықаралық атом энергиясы агентлиги (ХАЭА) менен тығыз бирге ислесип, миллий мәплер ҳәм глобал турақлылық ушын әҳмийетли қәдемлер тасламақта.
Усы күнлерде Вена қаласында өткерилип атырған ХАЭАның 69-бас конференциясында Өзбекстан делегациясының қатнасыўы да әне, усы мақсетлерге қаратылған.
Бул конференция ағза мәмлекетлердиң бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларын белгилейтуғын, ядро энергетикасы, илим, технология ҳәм қәўипсизлик тараўында әҳмийетли қарарлар қабыл етилетуғын тийкарғы халықаралық майдан болып есапланады.
Әнжуманда 170 тен аслам ағза мәмлекет ўәкиллери қатнаспақта. Олар агентлик жумысының тийкарғы мәселелерин додаламақта. Соның ишинде, 2024-жылдың жуўмақлары бойынша есабат, 2026-жылға мөлшерленген бюджет, ядро илими ҳәм технологиясын раўажландырыў перспективалары және глобал ядро қәўипсизлиги мәселелери күн тәртибине киргизилген.
Сондай-ақ, конференция шеңберинде Өзбекстан делегациясының ХАЭА басшылары менен бир қатар ушырасыўлары режелестирилген. Атап айтқанда, ХАЭА бас директорының орынбасары Лю Хуа менен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған миллий жойбарлардың жағдайы, бар машқалалы мәселелер ҳәм оларды шешиў жоллары бойынша сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, еки тәреплеме бирге ислесиў перспективалары бойынша да бир қатар ушырасыўлар белгиленген.
Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги мәлимлеме хызметиниң атап өтиўинше, Өзбекстанның бул абырайлы халықаралық әнжуманда қатнасыўы мәмлекетимиздиң ядро тараўындағы стратегиясы, илимий-техникалық потенциалы ҳәм қәўипсизликке қаратылған исенимли позициясын көрсетеди. Бул болса келешекте ҳәм миллий мәплер, ҳәм дүнья көлеминде турақлы ҳәм қәўипсиз раўажланыўға хызмет етеди.
Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ӨзА