Ашық-айдын орталықты тәмийинлеў – коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы жолы

108

Таў-кән санааты ҳәм геология тараўы мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди. Соның менен бирге, тараўда ашық-айдын орталықты тәмийинлеў, коррупцияның алдын алыў ҳәм хызметкерлерде нызам бузылыўларына маўасасыз мүнәсибетти қәлиплестириў үлкен әҳмийетке ийе.

Мине, усы талаплар тийкарында Таў-кән санааты ҳәм геология министрлигинде турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары ҳәм ағартыўшылық илажлар өткерилип келинбекте.

Бүгин министрликте шөлкемлестирилген илажда коррупцияға қарсы гүресиў илажлары ҳаққында сөз болды.

Илажда министрликтиң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы  Ш.Сағдуллаев шығып сөйлеп, үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық жумыслары арқалы тараўда таза ҳәм ашық-айдын орталық жаратыў мүмкин екенлигин атап өтти.

– Коррупцияның алдын алыўда ең әҳмийетли бағдар – хызметкерлерде нызамға әмел етиў мәдениятын қәлиплестириў болып есапланады. Системалы үгит-нәсиятлаў жумыслары ҳәм руўхый-ағартыўшылық тәрбия нәтийжесинде биз тараўда әдалатлы орталықты тәмийинлей аламыз. Усы мәнисте, әмелге асырылып атырған ҳәр бир илаж коррупцияға қарсы гүресиўде үлкен әҳмийетке ийе, – деп жуўмақлады ол.

Илаж жуўмағында коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана жаза илажлары менен емес, ал кең көлемли ағартыўшылық жумыслардың избе-излиги жақсы нәтийже беретуғыны айрықша атап өтилди. Сонлықтан, бундай ушырасыўлар хызметкерлерде ҳуқықый саўатлылық ҳәм жуўапкершиликти арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА