Устаз ҳәм муғаллимлерге ҳүрмет көрсетилди

«1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Тахтакөпир районында байрам илажы шөлкемлестирилди.
Байрам илажында район басшылары, тараў пидайылары, нураныйлар, ҳәм жас педагоглар қатнасты.
Илажда район ҳәкими Ж.Адилов тараў пидайыларын қызғын қутлықлап, перзентлеримизди билимли ҳәм жетик инсан етип тәрбиялаўда муғаллимлердиң атқарып атырған хызметин айрықша атап өтти. Сондай-ақ, илаж даўамында мәмлекетимиз Президентиниң Бостанлық районындағы муғаллимлер менен болған ушырасыўы, онда педагог хызметкерлерге жаратылып атырған қолайлы шараят ҳәм қоллап-қуўатлаўлар ҳаққында кең түрде айтып өтип, елимиз басшысының исенимин ақлаў зәрүрлигине тоқтап өтилди.

Илаж даўамында районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған заўықлы концерт бағдарламасы жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы