ДОТС жойбары табыслы жуўмақланды

1998-жылы Қарақалпақстанда туберкулёз кеселлигиниң жоқары дәрежеде тарқалғанлығы себепли, Нөкисте Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң ДОТС (тиккелей қадағалаў астындағы қысқа мүддетли емлеў) стратегиясы тийкарында туберкулёзге қарсы гүресиў жойбары басланған.
Жойбар кейин ала жеке адамға бағдарланған болып, кең көлемли қатнасқа айланды ҳәм дәриге сезимтал ҳәм турақлы туберкулёз түрлерин қамтып алды. Бағдарлама республикамызда жасаўшы мыңлаған наўқаслар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын емлениў мүмкиншиликлерин жаратып, оларға өмирге деген үмит бағышлады.
15-сентябрь күни — “Шегарасыз шыпакерлер” Халықаралық гуманитариялық шөлкеми (MSF), Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте 30 жылға шамалас даўам еткен Қарақалпақстандағы туберкулёзге қарсы гүресиў бағдарламасы табыслы жуўмақланып, усы мүнәсибет пенен пайтахтымызда салтанатлы илаж болып өтти.
Мәресимде MSF хызметкерлери, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң ўәкиллери ҳәм тараўдағы басқа қәнигелер қатнасты.
-Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде бизлер туберкулёзге ерте диагноз қойыў ҳәм оны өз ўақтында емлеў наўқастың жағдайын әдеўир жақсылайтуғынын ҳәм кеселликти жуқтырыў қәўпин азайтатуғынын көрсеттик, – дейди «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң Медицина ҳәм басқарыў бөлими баслығы Норман Ситали.-Тиккелей медициналық жәрдемнен тысқары, MSF шыпакерлерди оқытыў, клиникалық операцияларды жетилистириў ҳәм хызметлерди миллий денсаўлықты сақлаў системасына үйлестириў арқалы тараўдың турақлы жетилисиўине үлес қосты. «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми жойбардағы жумысын жуўмақлап атырған бир ўақытта Денсаўлықты сақлаў министрлиги басламаны толық өз жуўапкершилигине алып, Өзбекстанда туберкулёзге қарсы гүресиўди бийғәрез даўам еттиреди.
Бул илаж Қарақалпақстанда туберкулёз кеселлигин анықлаў, емлеў ҳәм күтим көрсетиўди жетилистириў бойынша алып барылған дерлик 30 жыллық нәтийжели бирге ислесиўдиң салтанатлы жуўмақланыўын аңлатты.
-Туберкулёз кеселлигин анықлаў, емлеў ҳәм наўқасларды қоллап-қуўатлаўға бағдарланған бул жойбар аймақта кеселликтиң жүклемесин сезилерли дәрежеде азайтыўда әҳмийетли орын ийеледи. Ол инновациялық қатнасларды енгизип, жеке түрде емлеў усылларын табыслы қолланды ҳәм туберкулёзге қарсы гүресте бай тәжирийбе топлады, – деди илажда сөзге шыққан Республикалық қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медицина орайы директорының орынбасары Ирина Ливерко.-Бағдарламаның әҳмийетли бағдарларының бири – медицина қәнигелери ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги хызметкерлериниң потенциалын арттырыў еди. Көп жыллық оқытыў, бағдарлаў ҳәм техникалық жәрдем нәтийжесинде министрлик енди Қарақалпақстанда туберкулёзге қарсы гүрести өз бетинше әмелге асырыў мүмкиншилигине ийе болды. Сондай-ақ, әмелге асырылған жойбар шеңберинде наўқаслардың психологиялық жағдайын жақсылаўға бағдарланған психологиялық мәсләҳәт ҳәм емлениў тәртибин сақлаўды қоллап-қуўатлаўшы хызметлер де шөлкемлестирилди.
-Мен алты айдан берли туберкулез кеселлигине қарсы емленип атырман ҳәм өзимди әдеўир жақсы сезип атырман: көшеге шығып, өмирден заўық алыўды басладым, – дейди 29 жасар Зухра. – Мениң саўалыўыма волонтёрлар ҳәм консультантлар үлкен жәрдем берди. Олар, әсиресе, психологиялық жақтан қоллап-қуўатлады. Дәслебинде мен келешек туўралы ҳәттеки ойламай, өмирим тамамланғандай сезилетуғын еди. Бирақ, медицина хызметкерлериниң итибары, ғамқорлығы ҳәм турақлы түрде хабар алып турғанлығы себепли, мен және келешекке исеним менен қарай басладым. Ҳәзир өзимди жақсы сезип жүрмен, дәрилеримди қабыллаўды даўам етип, келешекке жаңа үмитлер қарап атырман.
Соны айтып өтиўимиз керек, жойбардың ең үлкен жетискенликлеринен бири – Нөкисте Орайлық Азиядағы ең заманагөй микобактериологиялық лабораторияның шөлкемлестирилиўи болды. Бул лаборатория Қарақалпақстанда туберкулез ҳәм көп дәриге турақлы туберкулез (КДТ-ТБ) кеселлигин анықлаўда айрықша әҳмийетке ийе болып, жоқары сапалы диагноз хызметлерин көрсетпекте.
Бурын дәриге турақлы туберкулез бенен аўырған наўқаслар 18-24 ай даўам ететуғын аўыр ҳәм кери тәсирлери көп емлеў курсларын қабыллаўға мәжбүр еди. Бул мәселени шешиў мақсетинде, «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми 2016-жылы TB-PRACTECAL клиникалық изертлеў бағдарламасын баслады ҳәм Нөкис қаласы усы изертлеў өткерилген тийкарғы орынлардың бирине айланды. Онда тек ғана аўыз арқалы қабылланатуғын, алты айлық жаңа емлеў схемасы үстинде изертлеў өткерилди ҳәм ол алдыңғы халықаралық стандартқа салыстырғанда нәтийжелирек ҳәм жеңилирек екенлиги дәлийлленди.
Бул изертлеў нәтийжелери Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң 2022-жылдағы жаңаша емлеў усынысларына тийкар болып хызмет етти ҳәм усы қысқартылған схема артықмаш деп тән алынды. Бул жетискенлик тийкарында «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги әмелий изертлеўлерди өткерип, қысқартылған схеманың Өзбекстан бойлап кеңнен енгизилиўине тийкар жаратты.
Нөкисте өз жумысын жуўмақлаған «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеми бул бағдарламаны толық миллий системаға тапсырмақта. Ал, Денсаўлықты сақлаў министрлиги туберкулёзге қарсы гүресиўди даўам еттириў ҳәм оны буннан былай да беккемлеўге қатаң бел байлағанын тастыйықламақта. Бул узақ жыллық бирге ислесиў Өзбекстанда туберкулёзге қарсы нәтийжели, инсаныйлық ҳәм заманагөй қатнасты тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратты.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Médecins Sans Frontières (MSF) 1998-жылдан баслап Өзбекстан Республикасында Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен тығыз бирге ислесип келмекте. Өткен жыллар даўамында MSF ВИЧ, гепатит С ҳәм туберкулёз сыяқлы жуқпалы кеселликлерге қарсы миллий гүрести күшейтиўде әҳмийетли роль атқарды. Инновациялық емлеў протоколлары ҳәм инсан мәплерине бағдарланған хызмет көрсетиў модельлери арқалы MSF мәмлекет бойлап денсаўлықты сақлаў нәтийжелерин сезилерли дәрежеде жақсылаўға үлес қосты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы