Жеке меншик емлеўханаларға талап артып бармақта

Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасында жеке меншик сектордың роли кейинги жылларда айрықша күшеймекте. Әсиресе, жеке меншик емлеўханалар санының артыўы мәмлекеттиң денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалар ҳәм пуқаралардың медициналық хызметлерге болған талабының өсип атырғанын көрсетпекте.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматына бола, 2025-жыл 1-январь жағдайына Өзбекстанда жеке меншик емлеўханалардың саны 1 мың 301 ге жетти, бул 2019-жылдағы 575 ге салыстырғанда еки есеге көп. Жыллар кесиминде жеке меншик емлеўханалардың саны: 2019-жылы – 575, 2020-жылы – 593, 2021-жылы – 637, 2022-жылы – 675, 2023-жылы – 724, 2024-жылы – 1 мың 301 дизимге алынған.
Соңғы жыллары Ҳүкимет денсаўлықты сақлаў тараўында жеке меншик секторды раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақта. Жеке меншик емлеўханалар ашыў бойынша тәртиплер әпиўайыластырылды, лицензиялаў процесслери жеңиллестирилди. Халықтың саны ҳәм дәрамат дәрежесиниң өсиўи менен бирге, сапалы медициналық хызметлерге болған талап та артып бармақта. Мәмлекетлик емлеўханалар бул талапты толық қаплай алмаған жағдайларда, жеке меншик клиникалар әҳмийетли роль атқара баслады. Қалаберди, жеке меншик медицина ҳәзирги ўақытта бизнес ушын да пайдалы тараўлардан бирине айланған. Сапалы хызмет, заманагөй үскенелер ҳәм маман қәнигелер жәрдеминде жеке меншик емлеўханалар қарыйдарларды тез тартыўға ериспекте.
2019-2025-жыллар даўамында Өзбекстанда жеке меншик емлеўханалардың саны сезилерли дәрежеде өсиўи бақланбақта. Әсиресе, 2024-жылы жүз берген дерлик еки есеге өсиў бул тараўда жаңа басқыш басланғанын көрсетеди. Бул бағдар мәмлекетлик сиясат, халықтың талаплары ҳәм пандемия тәсири нәтийжесинде жүзеге келди.
Келешекте жеке меншик сектор ҳәм мәмлекетлик медицина мәкемелери арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, сапа қадағалаўын күшейтиў ҳәм инновацияларды енгизиў арқалы денсаўлықты сақлаў системасының улыўма потенциалын және де арттырыў мүмкин.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА