UzA ва Yonhap  бирге ислесиў меморандумына қол қойды

123

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА) ҳәм Қубла Кореяның жетекши мәлимлеме агентлиги –  “Yonhap”  материал алмасыў, кәсиплик қатнасықты раўажландырыў ҳәм биргеликтеги медиа жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын Бирге ислесиў меморандумына қол қойды.

Ҳүжжет Өзбекстанның Шығыс Азиядағы абырайын кеңейтиў, соның ишинде, Корея Республикасы жәмийетшилигин мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысы менен және де жақыннан таныстырыўда тийкарғы дәреклерден пайдаланыўға қаратылған. Шериклик процеси текст, фото ҳәм видео өним, сондай-ақ, ҳәр қыйлы темалардағы аналитикалық мақалалар ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында тәжирийбе алмасыўды қамтып алады.

Мағлыўмат ушын: Yonhap News Agency” 1980-жылы бир неше агентликлердиң бирлесиўи нәтийжесинде шөлкемлестирилген. 2003-жылы жаңалықлар ҳәм коммуникацияларды үгит-нәсиятлаў ҳаққындағы арнаўлы нызам тийкарында ўәкилликли миллий агентлик сыпатында тән алынған.

Редакция тармағы 550-600 ге шамалас журналист ҳәм фотохабаршы, 60 тан аслам сырт ел хабаршысынан ибарат. Агентлик күнине 3 000 нан артық текст, фото, графика ҳәм видео көринисиндеги материал тарқатады.

90 ға шамалас сырт ел бирге ислесиўшилери менен ислейди. Корейс, инглис, қытай, япон, испан, араб ҳәм француз тиллеринде жумыс алып барады.

А.Хидиров, ӨзА