Өзбекстанның билимлендириўде инсан ҳуқықы бойынша усынысы берилди

Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў бойынша басламасы тийисли сессияда көрип шығыў ушын усынылған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси (ИҲК) ҳүжжетинде сәўлелендирилди. Еслетип өтемиз, Женевада 8-сентябрь күни басланған әнжуман 8-октябрьге шекем даўам етеди. Ҳәммемизге белгили, апрель айында БМШ инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў бойынша мәмлекетимиздиң миллий баянаты жәрияланған. Бул мағлыўмат Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссар басқармасы тәрепинен таярланған жыллық баянат ҳәм Кеңестиң “Жоқарғы комиссар басқармасы ҳәм Бас хаткердиң баянатлары” темасындағы ҳүжжетине киргизилген. Бул ҳүжжет көрип шығыў ушын 60-сессияға усынылған.
34 мәмлекет, соның ишинде, республикамыз авторлығындағы материалларға тийкарланған баянатта Жәҳән бағдарламасының төртинши басқышы (2020-2024) шеңберинде жаслар ушын инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша миллий илажлардың шолыўы берилген. Төрт тийкарғы бағдар – мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў илажлары, оқыў бағдарламалары, методикалық материаллар ҳәм қураллар, педагогларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў, инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлендириўди алға қойыў ушын қолайлы шараят жаратыў жолында қойылып атырған қәдемлер көрсетилген.

Ҳүжжетте мағлыўматлар тийкарында жуўмақлар қәлиплестирилген болып, ерисилген нәтийжелерди буннан былай да жақсылаў бойынша усыныслар берилген. Үлгилерге мәмлекетимиздиӊ басламалары, соның ишинде, 2021-жыл Жәҳән бағдарламасының төртинши басқышын әмелге асырыў бойынша Миллий комиссия дүзиў, сондай-ақ, мәмлекетлик грантлар арқалы инсан ҳуқықлары тараўында пуқаралық жәмийети жойбарларын қоллап-қуўатлаў илажлары киргизилген.


Өзбекстан ҳүжжетиниң рәсмий баянатқа қосылыўы мәмлекетимиздиң инсан ҳуқықын қорғаў, миллий билимлендириў бағдарламалары ҳәм институционаллық механизмди раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық структуралар менен бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетиниң тән алынғанын тастыйықлайды. Есабатты таярлаў ҳәм усыныўда қатнасыў улыўма инсаныйлық қәдириятлар ҳәм халықаралық миннетлемеге садықлық көриниси сыпатында тараўда глобал бағдарламаны буннан былай да әмелге асырыў ушын тийкар жаратады.
ӨзА