Ойлап табыўлардың тәжирийбе-сынақ жумыслары ушын кететуғын қәрежетлерди қаплаўға қосымша 100 миллиард сум ажыратылады

117

– Изленип, анық нәтийжеге ерисип атырған илимпазларымыздың тийкарғы бөлегин профессор-оқытыўшылар қурап атырғаны маған қанаатланыўшылық бағышлайды,-деди Президент.

Мысал ушын, Ирригация университетиниң оқытыўшысы Эъзозбек Озодов ойлап тапқан “Жарамсыз суўларды тазалаў санлы үскенеси” бар аналогларынан 25 процент нәтийжели ислеўи халықаралық дәрежеде тән алынды. Ҳәзирги ўақытта бул үскенеге АҚШтың ири кәрханаларынан көплеген буйыртпалар алынған.

Ямаса Транспорт университетиниң профессоры Зиёда Одилова локомотивлер ушын дизель генераторы ҳәм электр тартыў моторынан ибарат гибрид системаны ойлап тапты. “Өзбекстан темир жоллары” жойбарды әмелиятқа енгизиў бойынша жумысларды баслап жиберген.

– Көрип турғаныңыздай, жоқары оқыў орнындағы илимпазларда экономикамызды раўажландыратуғын зор илимий қолланбалар, жойбарлар бар.

Соның ушын, илим ҳәм бизнес ўәкиллерин бир-бири менен ушырастырып, пайдалы биргеликте ислейтуғын система жаратамыз. Буннан илим де, бизнес те утады.

Соның ушын, ойлап табылыўлардың тәжирийбе-сынақ жумыслары ушын кететуғын қәрежетлерди қаплаўға қосымша 100 миллиард сум ажыратамыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА