Әбиў Әлий ибн Сина: Шығыс гәўҳары – дүнья мийрасы

121

Уллы илимпаз Әбиў Әлий ибн Сина адамзат тарийхында медицина ҳәм илимниң раўажланыўына  шексиз үлес қосқан  ойшыллардан бири сыпатында тән алынған.

Буннан он әсир  алдын дөреткен илимий шығармалары менен  тек ғана Шығыс емес, ал пүткил дүнья илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Әсиресе, “Медицина нызамлары” шығармасы ҳәзирги күнде де өз әҳмийетин жойытпаған. Оның дәри-дәрмақларды таярлаў, өсимликлерден шыпа табыў ҳәм инсан саламатлығын сақлаў ҳаққындағы  көзқараслары елеге шекем әҳмийетке ийе.  Сол көзқарастан, усы үлкен шахстың илимий-әмелий мийрасын үйрениў, оның заманагөй медицина ҳәм фармацевтикадағы әҳмийетин терең аңлаў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан болып есапланады.  Әне, усындай мақсетти өз алдына қойған ҳалда Ташкент қаласындағы “Tashkent Pharma Park”  кластеринде “Әбиў Әлий ибн Сина: Шығыс гәўхары – дүнья мийрасы”  темасында халықаралық илимий-әмелий әнжуман өткерилди.



Илаж Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Ибн Сина жәмийетлик фонды ҳәм Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы менен биргеликте уллы ойшыл Әбиў Әлий ибн Сина туўылған күниниң 1045 жыллығы ҳәм Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы шөлкемлестирилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилди.

Әнжуманда Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкерлери, ЖДСШның елимиздеги ўәкилханасының ўәкили, АҚШ, Россия, Қытай, Түркия, Польша, Швейцария, Ҳиндстан, Сингапур, Қубла Корея, Индонезия, Иордания, Тәжикстан, Қазақстан, Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлердиң миллий регулятор уйымларының жуўапкерлери, Фармацевтика өнимлерине қойылатуғын техникалық талапларды үйлестириў бойынша халықаралық кеңес Ассамблеясы (ICH), Денсаўлықты сақлаў ҳәм дәри-дәрмақлардың сапасы бойынша Европа директораты (EDQM), Халықаралық фармацевтика регуляторлары бағдарламасы (IPRP) АҚШ Фармакопеясы – USP, Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, Ибн Сина жәмийетлик фонды, Өзбекстан Халық медицинасы академиясының ўәкиллери қатнасты.

Әнжуманда Әбиў Әлий ибн Синаның илимий мийрасы ҳәм “Медицина нызамлары” шығармасының заманагөй медицинадағы әҳмийети, фармацевтика тараўындағы әҳмийетли мәселелер, халық медицинасының илимий тийкарлары, сондай-ақ, дүнья фармацевтикасындағы заманагөй тенденциялар ҳәм халықаралық бирге ислесиў перспективалары додаланды. Пленар ҳәм секция мәжилислеринде илимий баянатлар, шеберлик сабақлары ҳәм фармацевтика өнимлериниң көргизбелери усынылды.

Денсаўлықты сақлаў министри Асилбек Худоёров ҳәм басқалардың атап өткениндей, Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен соң, фармацевтика тараўын раўажландырыў ҳәм халықтың қәўипсиз және сапалы дәри қуралларына болған талабын қанаатландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Бул процессте Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы әҳмийетли роль атқарып, мәкеме бүгинги күнде дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техниканы мәмлекетлик дизимнен өткериў, стандартластырыў, сертификатластырыў ҳәм лицензиялаў арқалы мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырады. Соның менен бирге, Орай Мәмлекетлик фармакопеяны жаратыў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў, лаборатория ҳәм сертификатлаў уйымларының жумысын муўапықластырыў, нәшебентлик затлар ҳәм психотроп затлардан пайдаланыў тәртибин ислеп шығыў, фармакологиялық қадағалаў ҳәм метрологиялық тексериўлерди шөлкемлестириў және Мәмлекетлик реестрди жүргизиў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды атқарады.

Орайда заманагөй лабораториялар, Ташкенттеги Дәри-дәрмақларды  стандартластырыў илимий орайы ҳәм Әндижан, Қаршы, Самарқанд, Үргенштеги аймақлық филиаллары арқалы дәри-дәрмақлардың сапасы үстинен қадағалаў нәтийжели жолға қойылған. 30 жыллық дәўирди басып өткен Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы өз жумысын дүнья стандартларына муўапықластырыўға айрықша итибар қаратпақта. Бул бағдарда ISO 9001 халықаралық сапа басқарыў стандарты енгизилген болып, фармацевтика процесслери басқышпа-басқыш санластырылмақта.

Орай ЖДСШ, USP, ICH, IMDRF, IPRP, GHWP, ЭDQM сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен тиккелей бирге ислесиўди жолға қойған. Соның менен бирге, АҚШ, Түркия, Ҳиндстан, Германия, Франция, Польша ҳәм басқа да мәмлекетлердиң регулятор уйымлары менен қол қойылған бирге ислесиў меморандумлары тараўда тәжирийбе алмасыў, инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм халықаралық стандартларды миллий системаға енгизиў имканиятын бермекте.

Әнжуманда Өзбекстанда миллий фармакопеяның жаратылыўы фармацевтика тараўындағы тарийхый әҳмийетке ийе илимий ҳәм әмелий жетискенлик сыпатында айрықша атап өтилди. Соның менен бирге, фармацевтика системасын басқышпа-басқыш санластырыў шеңберинде фармацевтика өнимлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм сертификатластырыў, жумысты лицензиялаў, сондай-ақ, фармакологиялық қадағалаў ҳәм дәри қуралларының қәўипсизлигин баҳалаў процесслерине заманагөй мәлимлеме системаларының енгизилип атырғаны мийманлар тәрепинен жоқары баҳаланды.

Санластырыў процесслери тек ғана тараўды жетилистириў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў емес, ал дәри қуралларының қәўипсизлиги бойынша халықаралық стандартлар ҳәм талапларды миллий нызамшылық ҳәм қадағалаў системасына интеграциялаў, Орайдың жумысында болса ашық-айдынлықты тәмийинлеўде әҳмийетли екени атап өтилди.

Илаж шеңберинде “Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы” мәмлекетлик мәкемесиниң бир қатар абырайлы шөлкемлер менен бирге ислесиў ҳүжжетлерине қол қойылыўы тараўдың раўажланыўына үлес қосады. Қазақстан Республикасы Дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар экспертизасы Миллий орайы менен түсинисиў меморандумы, Республикалық Азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақларды қадағалаў Миллий агентлиги менен бирге ислесиў меморандумы, Қырғыз Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар департаменти менен түсинисиў меморандумы ҳәм АҚШ Фармакопеясы (USP) менен тәртипке салыўшы уйымлар ушын имканиятлардан жеңиллетилген пайдаланыў бағдарламасы ҳаққындағы ҳүжжетлер солардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, “Ибн Сина” жәмийетлик фонды да халықаралық бирге ислесиў шеңберин кеңейтип, Ош мәмлекетлик университети, Түркияда шөлкемлестирилген “Уйғыр медицина изертлеў фонды” ҳәм Шэньси Қытай медицина университети менен бирге ислесиў меморандумларына қол қойды.

Әнжуманда көтерилген темалар, усынылған илимий баянатлар Өзбекстан фармацевтика тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жоқары илимий потенциалды айқын көрсетти. Әбиў Әлий ибн Синаның илимий мийрасы тек ғана тарийхый байлық емес, ал бүгинги күнде де медицина ҳәм фармацевтика тараўларында әмелий әҳмийетке ийе жол картасы болып хызмет етпекте. Әнжуман шеңбериндеги бирге ислесиў меморандумлары, санластырыў процесслери ҳәм халықаралық стандартларға бейимлесиў жолындағы қәдемлер мәмлекетимиздиң тараў бойынша халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, әнжуман жас илимпазлар ҳәм қәнигелер ушын да билим ҳәм тәжирийбе алмасыў, илимий излениўлерди тереңлестириў, инновациялық қатнасларды үйрениў имканиятын жаратты.

 

Моҳигул ҚОСИМОВА,

 ӨзА