Дәскер – қарақалпақ әмелий безеў көркем-өнериниң дүрданасы

«Жақында шөл-қумлар ҳәм Әмиўдәрья жағалаўлары арасында жоғалып кеткендей сезилген киши бир халықтың әжайып көркем-өнери, таң қаларлық шеберлиги, кемшиликсиз талғамы бар екен…» – деп жазған еди Игорь Савицкий (1956-жыл).
Оның бул пикирлериниң шынлығын И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем-өнер музейинде сақланып атырған бир дана дәскер экспонаты мысалында көриўимизге болады.
Узынлығы ҳәм ени 23 сантиметр болған бул кишкене тутқыш пахта материалдан таярланып, рәң-бәрең жипек кестелери менен безелген. Ол чайник ямаса қуманды услаў ушын хызмет еткен.
Дәскердиң нағысларында – өсимлик тәризли, ҳайўан көринисиндеги ҳәм геометрикалық мотивлер жәмленген болып, шөл халықларының дәстүрлерине сәйкес келеди.
Дәскер келинниң жүгине салынған болып, онда әмелий гөззаллық ҳәм турмыста қолланыўдағы қолайлық жәмлескен.
Бүгинги күнде бул экспонат музейде қарақалпақ халқының бай мийрасының бир үлгиси сыпатында сақланып келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги