Нөкисте «Аралбойы кубоги» халықаралық турнири өткерилди

Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда Қол урысының R1 бағдары бойынша профессионал спортшылар арасында «Аралбойы кубоги» халықаралық турнири болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Буннан соң турнир беллесиўлерине старт берилди.
Жарысқа Әзербайжан, Беларусь, Қырғызстан, Россия, Түркия ҳәм Италия мәмлекетлеринен професионал спортшылар қатнасып, ерлер 5, ҳаял-қызлар 1 салмақ категориялары бойынша өз-ара беллести.
Кескин өткен беллесиўлер соңында 62 кг салмақта италиялы Тоссо Пьетро мәмлекетимиз ўәкили Абдумажид Қосимов пенен беллесип, онда елимиз спортшысы жеңиске еристи. 73 кг салмақта беллескен елимиз спортшысы Азизхон Абдуллаев қырғызстанлы Аброр Ҳакимовты жеңген болса, 80 кг да Айбек Махсетов әзербайжанлы Гундуз Набиевке жеңилип қалды.
Сондай-ақ, елимиз спортшылары 97 кг ҳәм +97 кг салмақ категорияларында да өзлериниң шеберликлерин көрсетип, өз қарсыласлары үстинен жеңиске еристи.
Атап айтқанда, мәмлекетимиз ўәкили Бегзодбек Махаматов түркиялы Шахзаде Махсунды, Оғабек Жуманиязов россиялы Евгений Болотскихге ҳеш қандай имканият калдырмады.
Ал, қызлар арасында болса, 70 кг салмақта қатнасқан Нилуфар Палвонова беларуслы Аселия Медведеваны жеңип, бас сыйлық ийесине айланды.
Кескин беллесиўлер астында өткен ушырасыўлар жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

Жарыс соңында, жеңимпазлар хошаметленип, оларға ақшалай сыйлықлар менен естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги