Ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыўға қаратылған жойбар

56

Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм оларды экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў  ӨзЛиДеП жумысындағы  әҳмийетли бағдарлардан бири болып есапланады. Усы мақсетте Нөкис қаласында бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.

Соның ишинде, ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Замира Айтбаеваның  басламасы менен жергиликли исбилерменлерге әмелий жәрдем көрсетилмекте. Жақында оның басламасы менен “Жипек жолы” МПЖда шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин раўажландырып атырған исбилермен Зулфия Жумабаеваға жеңиллетилген кредит ажыратылыўына жәрдем берилди.

Бул жойбар партияның «Ҳаял-қызлар  қанаты» тәрепинен әмелге асырылып атырған “Бунёдкор аёллар” жойбары шеңберинде өткерилди. Алынған кредит қаржылары бақшаны кеңейтиў, жаңа мебель ҳәм балалар ушын жатақханалар, сондай-ақ, зәрүр үскенелер сатып алыўға қаратылды.

Егер алдын бул бақша 25 балаға тәлим-тәрбия хызметлерин көрсеткен болса, жеңиллетилген кредит қаржылары есабынан бақша имканиятлары кеңейтилип, және 25 баланы қабыл етиў имканияты жаратылып,  улыўма саны 50 ге жетти. Сондай-ақ, бул кеңейиў себепли бақшада аймақтағы 5 ҳаял-қыз ушын жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Бул тек ғана билимлендириў тараўын раўажландырыў емес, ал ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин арттырыўда да үлкен әҳмийетке ийе болды.

– Мен балалар менен ислесиўди өмиримниң мазмуны деп билемен. Алдын мектепке шекемги билимлендириўде тәрбияшы болып, кейин мәҳәлле басшысы болдым. Бул тәжирийбе маған тәрбияның әҳмийетин жақсы үйретти. Ҳәр бир балаға меҳир ҳәм дурыс тәлим бериў – келешекти қурыў деген сөз. Сол себепли бақашамызды раўажландырып, сапалы билимлендириў орайына айландырмақшыман, – дейди бақша баслығы, исбилермен ҳаял Жумабаева Зулфия

Нөкис қаласындағы бул баслама – ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўда әмелге асырылып атырған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

 

                                                                   Қарақалпақстан хабар агентлиги