Ҳиндстан делегациясы менен меморандум дүзилди

63

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбонов Ҳиндстанның ири жеке меншик жоқары билимлендириў мәкемелеринен бири – ERA Университети ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

ERA университети ўәкиллери дәслеп Қарақалпақстан медицина институтында жаратылған шараятлар, институт системасындағы симуляциялық орай, клиникалардың жумысы менен жақыннан танысты.

Буннан соң Қарақалпақстан медицина институты ҳәм ERA университетиниң келешектеги өз-ара бирге ислесиўин нәтийжели шөлкемлестириў, институт хызметкерлериниң конференция, семинар ҳәм стажировка бағдарламаларында қатнасыўын тәмийинлеў, халықаралық дәрежедеги илимий мақалаларды басып шығарыў, ERA университетиниң 3Д анимациялық форматтағы оқыў методикасын енгизиў бойынша еки тәреплеме меморандумға қол қойды.

Сондай-ақ, сапар даўамында делегация ағзаларының Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов пенен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыў даўамында республикамызда медициналық билимлендириўди раўажландырыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўдан ибарат мәселелер додаланып, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары бирге ислесиў байланысларын беккемлеў ҳәм перспективалы жойбарларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин атап өтти.

Ушырасыў соңында тәреплер келешекте бирге ислесиў бағдарларын белгилеп алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги