Мектепке шекемги билимлендириў педагогларының кәсиплик жумысын раўажландырыў – дәўир талабы

52

Мектепке шекемги билимлендириў балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын тийкар жаратыўда әҳмийетли роль атқарады. Олардың келешекте табыслы билим алыўы ҳәм социаллық орталыққа бейимлесиўиниӊ тийкары болып есапланады.

Бурын мектепке шекемги билимлендириў системасында бир қатар машқалалар болған. Соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жетиспеўшилиги ең үлкен мәселе болып келген. Нәтийжеде көплеген балалар бақшаға бармаған, бул машқала әсиресе шетки аймақларда оғада әҳмийетли болған. Бул болса ата-аналарға үлкен жүк болып, олар перзентлерине ғамхорлық етиўдиң альтернатив шешимлерин излеўге мәжбүр болған.

Ҳәзирги шараятта мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежесин сақлап қалыў ҳәм арттырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасын раўажландырыў зәрүр. Оның ушын мектеп ҳәм бақшалар аймағындағы бос жер майданларын исбилерменлерге ажыратыў ҳәм ол жерде жаңа мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў зәрүрлиги пайда болған. Сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин потенциаллы педагоглар менен тәмийинлеў бойынша шешилиўи керек болған жумыслар бар.

Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған орта арнаўлы мағлыўматлы педагог кадрлар ушын дуал билимлендириў (5+1) түри шөлкемлестириледи.

Атап айтқанда, мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери педагог хызметкерлериниң маманлығын арттырыў системасы енгизиледи. Онда мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери педагогларының маманлығын арттырыў тәртиби мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын да қолланылады. 2026-2028-жылларда республиканың 14 аймағында Балаларды раўажландырыў инновациялық орайын өз ишине алған “Жаңа әўлад” мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тармағы шөлкемлестириледи.

Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды арттырыў мақсетинде ҳәр жылы кеминде 20 мың орыннан қосымша қуўатлық жаратыў нәзерде тутылмақта. Аймақ ҳәм массивлерде қурылып атырған жаңа көп қабатлы имаратлардың қурылысында келешекте жасайтуғын шаңарақлардың перзентлери ушын оларға сәйкес түрде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң қурылысы тәмийинленеди.

Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўы 80 проценттен төмен болған район (қала)лардағы (Ташкент қаласынан тысқары) исбилерменлик субъектлерине бир қатар жеңилликлер бериледи. Атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң бос жер майданларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириўге руқсат бериледи. Бул реформалар мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды сезилерли дәрежеде арттырыў, жеке меншик сектордың белсендилигин күшейтиў ҳәм педагоглардың маманлығын арттырыўға алып келеди.

Нәтийжеде, балалардың раўажланыўы ушын инновациялық орайлар ҳәм заманагөй инфраструктура жаратылып, билимлендириўдиң сапасы артады, исбилерменлик жумысы раўажланады ҳәм аймақларда экономикалық өсиў күшейеди.

Бул өз гезегинде, балалардың тәлим-тәрбиясында теңликти тәмийинлеп, мәмлекеттиң улыўма социаллық-экономикалық раўажланыўына беккем тийкар жаратады, соның менен бирге, педагоглардың мотивациясын ҳәм жеке меншик инвестициялар көлемин арттырады.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА