Мәмлекетлик хызметлерден қалай арзанырақ пайдаланыў мүмкин?

127

Мәмлекетлик хызметлер орайлары жаңадан шөлкемлестирилген 2017-жылы 37 түрдеги хызмет көрсетилген болса, ҳәзирги ўақытта олардың саны 467 ге жетти. Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетилип атырған хызметлер саны болса 771 ди қурамақта.

Келиўшилер ушын қолайлы, көркем болған 208 заманагөй ҳәм инновациялық мәмлекетлик хызметлер орайлары жумыс алып бармақта. 200 ге шамалас мәҳәлледе 24/7 тәртибинде ислейтуғын интерактив киосклар орнатылып, олар арқалы 60 қа шамалас мәмлекетлик хызмет көрсетиў жолға қойылды.

Мәмлекетлик хызметлердиң пайдаланыўшы ушын қолайлы түрлерин (user-friendly) жолға қойыў, артықша әўерегершиликтиң алдын алыў ҳәм аралықтан турып мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканияты кеңейтилди. 21 түрдеги мәмлекетлик хызметти “проактив”, 68 ин “композит” түрлерде ҳәм 26 сын автоматластырылған тәртипте көрсетиў жолға қойылды. 200 ге шамалас мәмлекетлик хызмет “3 қәдем” ҳәм “пайдаланыўшы ушын бейимлестирилген” принциплери тийкарында әпиўайыластырылды.

Әлбетте, бул тараў бойынша да адамларды ойландырып атырған мәселелер жоқ емес. Мәселен, айырым хызметлердиң баҳалары халық ушын қолайлы емес.

Соны есапқа алып, хызметлер баҳасын минималластырыў илажлары көрилмекте. Мысал ушын, егер мәмлекетлик хызметтен, соның ишинде, лицензия, руқсатнама алыў, мәмлекетлик дизимнен өтиў ҳәм басқа да хызметлерден пайдаланыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП – my.gov.uz) ямаса оның мобил қосымшасы арқалы мүрәжат етилсе, белгиленген мәмлекетлик бажы, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлерди әмелге асырыўда он процент шегирме бериледи.

Яғный, белгили бир хызметтен пайдаланыў ушын мәмлекетлик хызметлер орайлары (МХО) ямаса ўәкилликли уйымларға тиккелей мүрәжат етилгенде, тийисли төлемлер толық өндириледи.

Хызметтен пайдаланыў ушын БИМХП арқалы мүрәжат етилгенде болса усы төлемлердиң ҳәр бирин 90 процент муғдарындағы шегирмелер менен әмелге асырыў имканияты бар.

Соның ишинде, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамның 22-1-статьясына бола, ҳәр қандай мәмлекетлик хызметти алыў, соның ишинде, лицензия, руқсатнама алыў, мәмлекетлик дизимнен өтиў ҳәм басқа да хызметлер ушын Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы еркин түрде мүрәжат етилгенде мәмлекетлик бажы, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлер мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы ямаса хызмет көрсетиўши уйымларға тиккелей мүрәжат етилгенде төленетуғын сумманың 90 проценти муғдарында өндириледи.

Буннан тысқары, БИМХП ямаса оның мобиль қосымшасы арқалы мүрәжат етилгенде, тиккелей МХО ямаса ўәкилликли уйымларға мүрәжат етилгенде, төленетуғын төлемли хызметлер ушын төлемлер әмелге асырылмайды.

БИМХПтың қосымша абзаллықлары сонда, система үзликсиз ҳәм гезексиз 24/7 режиминде ислейди. Бир орында 700 ден аслам мәмлекетлик хызмет ҳәм қосымша сервислерден пайдаланыў мүмкин. Бир жерде топланған 10 нан артық жеке мағлыўматлар менен танысыў ҳәм пайдаланыў мүмкин. Булардың ҳәммеси үйден ямаса жумыс орнынан сыртқа шықпастан әмелге асырылады. Хызметлер ушын төлемлерди аралықтан турып төлеў имканияты бар. Артықша сергизданлықтың алды алынады ҳәм үйме-үй жүриўге зәрүрлик қалмайды.

Ҳүжжетлер QR-код пенен рәсмий статусқа ийе ҳалда қәлиплестириледи ҳәм исенимли қорғалады. 1242 қысқа телефон номери ҳәм жасалма интеллект тийкарындағы оператор, сондай-ақ, жанлы оператор арқалы 24/7 режиминдеги қоллап-қуўатлаў хызмети бар.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы 2023-жылы 8,8 миллион, 2024-жылы 12,3 миллион, 2025-жылдыӊ 6 айында 12,7 миллион, my.gov.uz арқалы 2023-жылы 22,6 миллион, 2024-жылы 33,7 миллион, 2025-жылдыӊ 6 айында 20,7 миллион мәмлекетлик хызмет көрсетилген.

Орташа хызмет көрсетиў ўақты 2023-жылы 15 минутты қураған болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 10, 2025-жылы 4 минутты қурамақта.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилип атырған хызметлердиң табыслы көрсетилиўи нәтийжесинде Өзбекстан “Бизнести дизимнен өткериў” көрсеткиши бойынша дүньяда 8-орынды ийелеген.

Норгул Абдураимова, ӨзА