Экономикалық судларда төлеўге қәбилетсизлик мәселелери додаланды

103

Қарақалпақстан Республикасы судының басламасы менен Жоқарғы суд Пленумының 2025-жыл 23-июньдағы «Экономикалық судлар тәрепинен «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарын додалаўға бағышланған семинар шөлкемлестирилди.

Илажда экономикалық ислер бойынша судьялар, суд басқарыўшылары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты. Семинарда Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары, экономикалық судлаў коллегиясы баслығы Б,Ктайбеков шығып сөйлеп,  Пленум қарарының әмелий әҳмийетин терең талқылап, төлеўге қәбилетсизлик процесслерин дурыс ҳәм бирдей әмелият тийкарында көрип шығыўдың әҳмийетине  итибар қаратты. Атап өтилгениндей, Жоқарғы суд Пленумының қарары экономикалық судлар әмелияты ушын әҳмийетли ҳуқықый дәрек сыпатында хызмет етеди. Онда белгиленген түсиниклер ҳәм усыныслар суд әмелиятында  нызамлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

-Пленум қарарына бола, судлар енди төлеўге қәбилетсизлик жағдайларында кәрхананың финанслық жағдайын терең таллаў, суд басқарыўшыларының ролин анық белгилеў, кредиторлардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм тәртип-қағыйдаларды нызамшылыққа муўапық ҳалда жүргизиўге айрықша итибар қаратады,-дейди Беруний районлараралық экономикалық судының судьясы Бақберген Убайдуллаев.

Семинарда қатнасыўшылар әмелий жағдайлар тийкарында жаңа көзқарасларды додалап, суд қарарларының нызамлы, тийкарлы ҳәм әдил болыўында  жоқарыда келтирилген Пленум қарары үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Илаж жуўмағында әмелиятта бирдей көзқарасты қәлиплестириў, ис жүргизиўде ашық-айдынлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў, сондай-ақ, төлеўге қәбилетсизлик бойынша нызам нормаларын дурыс талқылаў бойынша пикир-усыныслар тийкарында анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Гүлайым Ғаниева

Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги