Шымбайда жаңа билимлендириў орайы ашылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 23-сентябрьдеги «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамызда көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Әмиўдәрья, Шымбай ҳәм Төрткүл районларында ашылған «Дәслепки раўажланыў орайлары»н да усындай жумыслардың бир көриниси десек болады.
Шымбай районындағы Көнши мәкән пуқаралар жыйынында шөлкемлестирилген «Дәслепки раўажланыў орайы»ның ашылыў мәресимине Шымбай районы ҳәкими Айбек Тажетдинов қатнасып, барлық илаж қатнасыўшыларын жаңа билимлендириў шөлкеминиң ашылыўы менен қутлықлады. Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында мәмлекетимиздиң барлық аймақлары сыяқлы, Шымбай районында да ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Жаңа мектеплер ҳәм балалар бақшалары бой тиклеп, олардың материаллық-техникалық базасы беккемленбекте. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети шөлкемлестирилип, онда республикамыз жаслары заман талабына сай билим алмақта.

– Орайларға аймақлардың мүтәжлигинен келип шығып, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған балаларды, соның ишинде, айрықша билимлендириўге мүтәжликлери бар болған балаларды, биринши гезекте «Кәмбағал шаңарақлар реестри»не киргизилген шаңарақлардың перзентлери қамтып алынады,-дейди районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы Мәмбетсайд Жақсымов.- Оған дәслеп 200 бала қамтып алынып, сабақ процесслери 2 мезгилде 4 сааттан алып барылады. Соның ишинде, 3-6 жастағы балалар ушын «ойын топарлары», 2-7 жастағы айрықша билимлендириўге мүтәжликлери болған балалар ушын «арнаўлы мектепке шекемги билимлендириў хызмети» жолға қойылады.
Ҳүрметли Президентимиздиң бул қарары жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин бийпул мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў, олардың келешектеги турмысына беккем тийкар жаратыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады. Бундай орайлар ҳәр бир район ҳәм қалада басқышпа-басқыш жолға қойылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы