Қанлыкөлде жаңа пахта тазалаў заводы иске түспекте

Қанлыкөл районындағы «Agrohamkor cluster» ЖШЖ жақын күнлерде жаңа пахта тазалаў заводын иске қосыў алдында.
2024-жылда жумыс баслаған жәмийет быйыл 139 фермер хожалығы менен шәртнама дүзген болып, пахта жыйын-терими мәўсиминиң басланыўы менен фермер хожалықлары пахта тапсырыўды баслады.
Бүгинги күнде «Agrohamkor cluster» ЖШЖ да 50 адам жумыс пенен тәмийинленген болса, пахта тазалаў заводы иске түскеннен соң және 100 жаңа жумыс орнының жаратылыўы нәзерде тутылған. Келеси жылы майды қайта ислеў заводының ашылыўы менен бул сан еки есеге артыўы күтилмекте.
Өндирис цехлары, қоймаханалар, лабораториялар қурылып, пахта тазалаў үскенелери жаңаланды. Заводта сырт еллерден алып келинген заманагөй технология тийкарында пахтаны қайта ислеў жолға қойылады. Нәтийжеде бир тонна пахтаны қайта ислеў ушын алдыңғы көрсеткиштен 15-20 процентке аз, яғный 280-300 кВт электр энергиясы сарыпланыўы күтилмекте. Пахтаны қабыллаў, тазалаў, кептириў, шигиттен талшығын ажыратыў, тайлаў жумыслары бир имаратта әмелге асырылады. Алынатуғын талшық ҳәм мамықтың сапасы алдыңғылардан сезилерли дәрежеде жоқары болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги